Жасыл экономика ҳәм экологиялық билимлендириў мәселелери додаланды

3

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тәбийғый пәнлер факультетинде «Жасыл экономика ҳәм экологиялық билимлендириў: илимий-педагогикалық қатнаслар» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Конференция жасыл экономика принциплерин билимлендириў системасына енгизиў, экологиялық мәдениятты қәлиплестириў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде илимий-педагогикалық қатнаслардың орнын және әҳмийетин додалаўға арналды.

Илажға республикамыздағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў институтлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, илимпазлар, докторантлар ҳәм студентлер қатнасты.

Конференция даўамында жасыл экономиканың заманагөй бағдарлары, экологиялық билимлендириўди раўажландырыў, қоршаған орталықты қорғаў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, билимлендириў процесинде экологиялық билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған алдынғы тәжирийбелер бойынша баянатлар тыңланды. Сондай-ақ, экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде инновациялық билимлендириў технологиялары ҳәм пәнлер аралық қатнаслардың әҳмийети айрықша атап өтилди.

Қатнасыўшылар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тийкарында экологиялық билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жасыл экономика идеяларын педагогикалық процесслерге кеңнен енгизиў бойынша әҳмийетли жуўмақлар ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығылды.

Конференция жуўмағында билимлендириў ҳәм илим тараўында экологиялық жуўапкершиликти күшейтиў, жаслардың санасында тәбиятқа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириў ҳәм жасыл экономика принциплерин үгит-нәсиятлаў әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги