Дүнья тән алған тынышлық формуласы: Орайлық Азияда беккем дослық салтанаты

Орайлық Азия регионы бүгин дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында тур. Бул итибар тек ғана геосиясий процесслер емес, ал регионда қәлиплескен пүткиллей жаңа сиясий орталық – өз-ара исеним ҳәм тығыз бирге ислесиў принциплери менен байланыслы. Россия Федерациясына әмелий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонға Лев Толстой атындағы Халықаралық тынышлық сыйлығының тапсырылыўы региондағы бул унамлы өзгерислердиң жоқары тән алыныўы болды.
Бул абырайлы сыйлықтың берилиўи бийкарға емес. Себеби, 2025-жылдың 31-март күни Хоженд қаласында қол қойылған Мәмлекетлик шегаралардың тутасқан ноқаты ҳаққындағы шәртнама ҳәм Мәңги дослық декларациясы регион тарийхында жаңа бет ашты. Он жыллар даўамында шешимин күтип атырған, гейде келиспеўшиликлерге себеп болған шегара мәселелериниң қарым-қатнас ҳәм өз-ара мәплерди есапқа алған ҳалда шешилиўи дүнья дипломатиясы ушын сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе болып есапланады. Бул процессте Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң регионаллық сиясаты “музларды еритиў” ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен байланысларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўде тийкарғы драйвер ўазыйпасын атқарады.
Халықаралық экспертлердиң пикиринше, Хоженд келисимлери тек ғана үш мәмлекет емес, ал пүткил Евразия континенти ушын турақлылық кепили болып есапланады. Сиясий аналитиклер атап өткениндей, Өзбекстанның басламасы себепли Орайлық Азия “мәселелер аймағы”нан “имканиятлар мәканы”на айланды. Экономикалық көрсеткишлер де буны айқын тастыйықламақта: кейинги жыллары регион ишиндеги товар айланысы бир неше есеге артты, биргеликтеги санаат зоналары ҳәм ири транспорт коридорлары иске қосылды. Бүгин Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан экономикасы бир-бирин толықтыратуғын бирден-бир шынжыр сыпатында қәлиплеспекте, бул болса миллионлаған инсанлардың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.
Лев Толстой атындағы сыйлықтың адамгершилик идеяларына тийкарланғаны да терең мәниге ийе. Бул сыйлық үш мәмлекет жетекшилериниң тек ғана сиясий ўәкилликлерин емес, ал олардың өз халықларының тынышлығы ҳәм келешек әўладлардың аманлығы жолындағы жоқары жуўапкершилигин билдиреди. Халықаралық жәмийетшилик тән алғанындай, Хоженд декларациясы халықаралық ҳуқық үстинлигиниң үлгиси болып, улыўма ҳәм теңдей қәўипсизликти тәмийинлеўдиң ең мақул жолы қарым-қатнас ҳәм жақсы қоңсышылық екенин дәлилледи. Дос халықлар арасындағы тарийхый байланыслардың қайта тиклениўи, мәдений-гуманитарлық байланыслардың кеңейиўи болса регионның руўхый бирлигин және де беккемлемекте.
Бүгин Орайлық Азия өз тәғдирин өз қолы менен белгилемекте. Өзбекстанның тынышлықты сүйиўши сыртқы сиясаты ҳәм регионаллық интеграция бағдарындағы исенимли қәдемлери “Мәңги дослық” принципин тек ғана сүрен емес, ал күнделикли турмыстың реал ҳақыйқатлығына айландырды. Хоженд келисимлери ҳәм оған берилген халықаралық тән алыў регионаллық бирге ислесиўдиң артқа қайтпайтуғын түрге енгенинен ҳәм алдында еле үлкен дөретиўшилик жумыслары күтип турғанынан дерек береди.
А.Ғаффоров,
ӨзА