Өзбекстан ҳәм Япония қатнасықлары кеӊейтилген стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Санаэ Такаичидиң мирәт етиўине бола 18-20-декабрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни Токиода “Орайлық Азия + Япония” сөйлесиўиниң биринши саммитинде қатнасты.
Япония Бас министри Санаэ Такаичи басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Япония арасында “жасыл” экономика ҳәм турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, инсан ресурсларын раўажландырыў сыяқлы тийкарғы тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде буннан жигирма жыл бурын әйне күншығыс ели биринши мәрте “Орайлық Азия +” сөйлесиўиниң басламашысы болғанын атап өтти. Уллы жипек жолы дәўиринен раўажлана баслаған тығыз саўда ҳәм мәдений байланыслар, уқсас дәстүр ҳәм үрп-әдетлер, руўхый, мәдений ҳәм шаңарақлық қәдириятлар Орайлық Азия ҳәм Япония арасында көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар болып есапланады.
– Биз Орайлық Азия мәмлекетлери ғәрезсизликке ерискеннен кейинги дәўир даўамында Япония исенимли шеригимиз болып киятырғанын, регионның социаллық-экономикалық раўажланыўы, инфраструктура, санаат ҳәм энергетика базасын модернизациялаў, илим ҳәм билимлендириў және кадрлар потенциалын беккемлеўге салмақлы үлес қосып атырғанын жоқары қәдирлеймиз. Сол себепли Орайлық Азия мәмлекетлери Японияның регион турмысында және де кең ҳәм белсене қатнасыўынан мәпдар, – деди Шавкат Мирзиёев.
Регион тәбийғый ресурсларға байлығы, дүньядағы транспорт, саўда ҳәм энергетика бағдарлары кесилиспесинде жайласқаны, Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының жедел пәтлерде өсип атырғаны және бул жерде болып атырған жақынласыў ҳәм интеграцияның жедел процесслери Япония менен кооперация ушын қолайлы шараят жаратпақта.
– Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен жаңа шеклерге ерисетуғынымызға исенемен. Данышпан япон халқының айтқанындай, егер күшлер бирлессе, таўларды да орнынан қозғатыў мүмкин, – деди Өзбекстан жетекшиси.
Президентимиз саммит күн тәртибине өтип, “Орайлық Азия + Япония” форматында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз көзқарасын усынды.
Бәринен бурын, саммитлерди мәмлекет басшылары дәрежесинде ҳәр еки жылда бир мәрте өткериў усыныс етилди. Бул бирге ислесиўге қосымша күшли пәт бағышлаўға хызмет етеди. Гезектеги усындай ушырасыўлардан бирин Өзбекстанда қабыл етиўге таяр екенлиги билдирилди.
Японияның әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында бирге ислесиў бойынша жаңа турақлы механизмин жаратыў ҳәм келеси жылы Токиода әдиллик министрлериниң биринши ушырасыўын шөлкемлестириў бағдарындағы басламасы қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан “Орайлық Азия – Япония 2040” бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығып, ҳүжжетке регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўына жәрдемлесиў ҳәм оларды глобаллық экономикалық процесслерге терең интеграциялаў бойынша анық бағдарлама ҳәм жойбарларды киргизиў тәрепдары екенин атап өтти.
Жаңа идея ҳәм усынысларды ислеп шығыў, бирге ислесиўдиң кең көлемли күн тәртибин қәлиплестириў ушын мәмлекетлеримиздиң жетекши таллаў структураларының қатнасыўында Экспертлер форумын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Форумның биринши мәжилисин келеси жылы Ташкентте өткериў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси Япония финанс институтларының Орайлық Азияда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўды кеңейтиўин қоллап-қуўатлады.
– Орайлық Азияның бай тәбийғый ҳәм кадрлар ресурсларын Японияның санаат ҳәм технологиялық потенциалы менен бирлестирип, бир-биримизди толықтырыў ҳәм күшейтиў бойынша нәтийжеге ерисе аламыз, деп исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азияның инфраструктурасын ҳәм санаатын раўажландырыў инвестициялық фондын шөлкемлестириў усыныс етилди. Оның негизинде “Сапалы инфраструктура” бойынша бағдарлама және Япония технопарклериниң Орайлық Азия тармағы – санаат кооперациясы, локализациялаў ҳәм технологиялар трансфери регионаллық платформасын иске қосыў мүмкин.
Бүгин санлы трансформация экономикалық өсиў ҳәм турақлылықтың шешиўши факторына айланып баратырғанынан келип шығып, мәмлекетимиз басшысы “Орайлық Азия – Япония” санлы хабы – санлы шешимлер, жасалма интеллект, “буйымлар интернети”, киберқәўипсизлик ҳәм инновациялық экономика тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиў платформасын жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Тез жүрер поездлар ҳәм автомобиль жолларын қурыў, транспорт коридорларын санластырыў, аэропортлар ҳәм логистика орайларын қурыў жойбарларына Япония инвестициялары, технологиялары ҳәм экспертлериниң жәрдемин тартыўдан мәпдарлық билдирилди.
“Жасыл” энергетика тараўындағы бирге ислесиў шеңберинде когенерация технологияларын енгизиў, шығынларды қысқартыў, зыянлы газлерди услап қалыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ташкентте қайта тикленетуғын энергетика тараўында қәнигелерди таярлаў бойынша регионаллық орайды шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы экология тараўында Орайлық Азияда ҳаўаныӊ сапасын жақсылаў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў, Климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер бағдарламасын қабыл етиў ҳәм Қарым-қатнас шеңберинде қоршаған орталықты қорғаў уйымлары басшыларының жаңа түрдеги ушырасыўларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Японияның сейсмикалық қәўипсизлик тараўындағы үлкен тәжирийбесин есапқа алып, регионда сейсмикалық турақлылықты баҳалаў ҳәм арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў, Ташкент қаласында Япония стандартлары ҳәм протоколлары бойынша инженерлер, архитекторлар, қутқарыў хызметлерин таярлаў ушын Регионаллық маманлық арттырыў орайын ашыў усыныс етилди.
Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде Өзбекстанда келеси жылы “Орайлық Азия + Япония” форматында билимлендириў министрлериниң биринши мәжилисин, сондай-ақ, региондағы жетекши университетлер ректорларының биринши форумын өткериў, жаслар жәмийетшиликлери арасында узақ мүддетли байланысларды қәлиплестириўге қаратылған Жасларды раўажландырыў регионаллық тармақлық бағдарламасын қабыл етиў бойынша режелер усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси халықаралық сиясат ҳәм регионаллық қәўипсизлик мәселелерине тоқтап, регион мәмлекетлери ҳәм Японияның Аўғанстанды тыныш, турақлы ҳәм дөретиўшилик раўажланыўға қарай баратырған мәмлекет сыпатында көриў бағдарындағы умтылыслары бирдей екенин атап өтти.
Аўған халқын қоллап-қуўатлаў бойынша көп жыллардан берли жетекши донор ҳәм шерик мәмлекетлер қатарында болып киятырған Японияның избе-из позициясы жоқары баҳаланды.
Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша қарарларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Саммитте басқа жетекшилер де шығып сөйледи. Илаж жуўмағында Токио декларациясы қабыл етилди.
“Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасы саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев көп тәреплеме бизнес форумында қатнасты.
Илажда Япония Бас министри Санаэ Такаичи, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Орайлық Азия ҳәм Япония арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, регионға Япония инвестициялары ҳәм алдынғы технологияларын тартыў, санаат кооперациясын кеңейтиў, исбилермен топарлар арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Биргеликтеги экономикалық жойбарлар таныстырылды. “Sumitomo”, “Chubu Electric Power”, “Shikoku Electric Power” компаниялары тәрепинен JBIC ҳәм NEXI жәрдеминде Өзбекстанда еки қуяш электр станциясын қурыў, “Toyota Tsusho” қатнасыўында IТ инфраструктурасын модернизациялаў, “Sojitz” компаниясы тәрепинен көп тармақлы медицина орайын шөлкемлестириў, сондай-ақ, “JOGMEC” қатнасыўында жаңа оғада әҳмийетли минерал кәнлерин өзлестириў сыяқлы Өзбекстан – Япония инвестициялық басламалары усылардың қатарына киреди.
Жетекшилер жанында тийисли жойбарлар бойынша ҳүжжетлер алмасылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияға рәсмий сапары шеңберинде Нара қаласының мэри Ген Накагаваны қабыллады.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратқан ҳалда аймақлараралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
Өтмиши узақ байланысларға ийе болған Самарқанд ҳәм Нара қалалары арасында дослық қатнасықлары орнатылғаны жоқары баҳаланды. Самарқанд көп әсирлер даўамында Уллы жипек жолының орайы, Японияның әййемги пайтахты Нара болса оның шығыс дәрўазасы болғаны атап өтилди. Бул қалалар цивилизациялар арасындағы мәдений көпир ўазыйпасын атқарып, халықаралық саўда ҳәм билим алмасыўын раўажландырыўда әҳмийетли роль атқарған.
2027-жылы Нара миллий музейинде көрсетилетуғын Өзбекстан мәденияты ҳәм тарийхына бағышланған археологиялық көргизбеге пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул жойбар Өзбекстан – Япония дипломатиялық қатнасықлары орнатылғанының 35 жыллығы ҳүрметине өткерилетуғын ири мәдений илаж болады.
Ген Накагава еки мәмлекет ҳәм халықлар арасындағы мәңги дослық және мәдений ҳәм тарийхый жақынлықтың белгиси сыпатында Нара қаласындағы жаңа бағлардан бирине Самарқанд атын бериўге қарар етилгенин жәриялады.
Сөйлесиў даўамында еки дос қала арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды жедел раўажландырыў және аўыл хожалығы, туризм, тоқымашылық, транспорт, логистика ҳәм қала қурылысы сыяқлы тараўларда кооперация жойбарларын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Токиоға рәсмий сапары шеңберинде Япония билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар министри Мацумото Ёхэй, Япония илимди раўажландырыў жәмийетиниң президенти Сугино Суёси және Японияның Цукуба, Нагоя, Тоттори университетлери, Токио аўыл хожалығы ҳәм технологиялар университети, Нагоя экономика университети сыяқлы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары менен ушырасты.
Мәмлекетимиз басшысы Япония “экономикалық әжайыбаты”ның тийкарын қурайтуғын билимлендириў, илим ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға инвестициялар Өзбекстан – Япония бирге ислесиўиниң стратегиялық бағдарларынан бири екенин атап өтти.
Өзбекстан Президенти Япония узақ жыллар даўамында илимге жумсалған қәрежетлер ҳәм илимий патентлер саны бойынша жетекшилер қатарында туратуғынын атап өтти. Мәмлекет көплеген белгили илимпазларды, атап айтқанда, физика, химия ҳәм медицина тараўларында Нобель сыйлығының лауреатларын жетистирип берди.
Япония мектеп билимлендириўи модели тәбийғый пәнлер ҳәм математика бойынша күшли таяныш базасының бар екенлиги, сабақ өтиўдиң жоқары сапасы, мийнет сүйгишлик, жәмәәтте ислесиў ҳәм тәртип-интизам мәденияты менен ажыралып турады. Абырайлы япон дипломлары, әсиресе, инженерлик, робототехника, медицина ҳәм фармацевтика тараўларында пүткил дүньяда жоқары баҳаланады. Японияда билимлендириў ҳәм илим менен санаат ҳәм бизнес арасында тығыз ҳәм беккем байланыслар орнатылғаны айрықша итибарға ылайық.
Бүгинги күнде 2,8 мыңнан аслам өзбекстанлы студент Японияның жетекши билимлендириў мәкемелеринде билим алмақта. Тек ғана JDS стипендия бағдарламасы бойынша 440 тан аслам мәмлекетлик хызметкерлер Японияда оқытылды.
Ректорлар форумы өз-ара байланыслар ушын нәтийжели майданға айланды. Октябрь айында Самарқандта еки мәмлекеттиң 50 ге шамалас университетиниң ректорлары қатнасқан бесинши форум табыслы өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўына мәмлекетти жедел модернизациялаў, оның бәсекиге шыдамлылығын және глобал интеллектуаллық ҳәм технологиялық мәканға интеграцияласыўын тәмийинлеўдиң тийкары сыпатында қаралатуғынын атап өтти. Кейинги 7-8 жыл ишинде бул тараўда салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Бирақ, шешилиўи керек болған ўазыйпалар да көп.
Илимди системалы трансформациялаў шеңберинде жаңа әўлад изертлеўшилерин қәлиплестириў, тараў жумысын кластер модели тийкарында шөлкемлестириў, әҳмийетли илимий бағдарлар бойынша ресурсларды жәмлеў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгиленген.
Бүгинги ушырасыўда қатнасқан Япония университетлери мәмлекетимиз ушын ең әҳмийетли болған жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар, аўыл ҳәм суў хожалығы, “жасыл” энергетика ҳәм турақлы раўажланыў, сейсмология ҳәм “ақыллы қала” технологиялары сыяқлы тараўлар бойынша беккем илимий-изертлеў инфраструктурасына ҳәм жоқары илимий-педагогикалық потенциалға ийе екени атап өтилди.
Бул бағдарлар бойынша Өзбекстан университетлери менен тығыз бирге ислесиў басланған. Күни кеше қоспа жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы қызғын сөйлесиўлер болып өтти ҳәм жаңа келисимлерге ерисилди.
Бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын билимлендириў ҳәм илим бойынша биргеликтеги комиссия, инновациялар бойынша консорциум шөлкемлестириў, флагман жойбарлар, соның ишинде, оқыў процесине ЖИ ди енгизиў жойбарларын әмелге асырыў ҳәм инженерлик қәнигеликлери бойынша оқыў бағдарламасын иске қосыў усыныс етилди
Илаж шеңберинде жоқары билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим, Цукуба университети менен биргеликте Өзбекстанда жоқары билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандум және илимий бирге ислесиў ҳәм кадрлар таярлаў тараўларында бир қатар басқа да ҳүжжетлерге қол қойылды.
Ерисилген келисимлерди системалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеў ушын “жол картасы” қабыл етиледи.
Буннан соң “Кантей” резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.
Япония Бас министри Санае Такаичи мәмлекетимиз басшысын қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти.
Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти ҳәм рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.
Токиода Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Япония Бас министри Санаэ Такаичидиң сөйлесиўлери болып өтти.
Мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң дерлик барлық тараўларын қамтып алған Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Япония Бас министри мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, бул сапар етиўди ҳәр қашанғыдай жоқары исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплерине тийкарланған Өзбекстан – Япония қатнасықлары тарийхындағы әҳмийетли ўақыя деп атады.
Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли өткен 33 жыл даўамында Япония Өзбекстанның жақын досты, тийкарғы технологиялық ҳәм инвестициялық шериги болып, республикада заманагөй санаат ҳәм энергетика инфраструктурасын жаратыў және инсан ресурсларын раўажландырыўға салмақлы үлес қосып келмекте.
Товар алмасыў, инвестициялар көлеми ҳәм Япония инвестициясының қатнасыўындағы қоспа кәрханалар санының турақлы өсип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Энергетика, геология, туризм, инфраструктураны раўажландырыў, IТ ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда әҳмийетли жойбарларды әмелге асырып киятырған “Sojitz”, “Toyota Tsusho”, “Sumitomo”, “Itochu”, “Kyoto Plaza”, “Balcom”, “Shikoku Electric” сыяқлы жетекши япон компаниялары Өзбекстанда табыслы жумыс алып бармақта.
Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC) менен биргеликтеги жойбарлар портфели энергетика, нефть-химия, транспорт, билимлендириў ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы тараўларды қамтып алған.
Сөйлесиўлерде парламентлердеги “дослық топарлары”, экономикалық бирге ислесиў комитетлери, тийкарғы бағдарлар бойынша тармақлық ушырасыўлар ҳәм басқа да бирге ислесиў түрлерин жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Япония менен стратегиялық шерикликти раўажландырыўдың бир қатар тийкарғы бағдарларын атап өтти. “Жасыл” энергетика ҳәм санаатта углерод шығарыўды азайтыў, мәлимлеме технологиялары, оғада әҳмийетли минераллар, машина қурылысы тараўындағы бирге ислесиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм инфраструктурасын модернизациялаў солардың қатарына киреди.
Бул саммитке таярлық шеңберинде баҳасы 12 миллиард доллардан аслам болған кооперациялық жойбарлардың жаңа портфели қәлиплестирилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул жойбарларды алға қойыў ушын биргеликтеги инвестициялық платформаны жаратыў усыныс етилди.
Буннан тысқары, Самарқанд ўәлаятында Япония модели ҳәм стандартларына тийкарланған арнаўлы экономикалық зонаны қурыў режелери жәрияланды.
Япониялы бирге ислесиўшилер менен биргеликте әмелге асырылып атырған “Бир аўыл – бир өним” бағдарламасының көлемин кеңейтиў усынысы қоллап-қуўатланды.
Сондай-ақ, өз-ара саўда көлемин көбейтиў имканиятлары ҳәм жоллары, аймақлараралық байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды. Келеси жылы Самарқандта еки мәмлекет аймақларының биринши форумын өткериў усыныс етилди.
Гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўы дәстүрий түрде усы көп қырлы қатнасықлардың әҳмийетли бөлеги болып есапланады.
Жасларға келешекте исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыўы ушын зәрүр болған билим ҳәм көнликпелерди ийелеўине кең имканиятлар берип атырған Өзбекстан – Япония Инсан ресурсларын раўажландырыў орайы мәмлекетимизде табыслы жумыс алып бармақта.
Өзбекстандағы 7 жоқары билимлендириў мәкемесинде япон тили оқытылмақта. Токио шет тиллер университетинде мине 10 жылдан берли, өзбек тили үйренилмекте.
Ректорлар форумы кадрлар таярлаў тараўында тәжирийбе алмасыў ушын әҳмиетли майдан болып хызмет етпекте. Японияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары менен ушырасыў болып өтти. Бирге ислесиў бағдарламалары, илимий ҳәм инновациялық алмасыўларды кеңейтиў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилди.
Цукуба университети менен биргеликте Ташкент қаласында биринши Өзбекстан – Япония университетин шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Мәдений ҳәм туристлик байланысларды кеңейтиў мақсетинде мәденият күнлери, көргизбелер, жаслар форумлары, кинофестивальларды турақлы өткерип барыў усыныс етилди. Сапар алдынан Японияда Өзбекстан мәденияты күнлери табыслы өткерилди.
Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы мүнәсибети менен 2027-жылы еки мәмлекетте Мәденият жыллары өз-ара өткериледи.
Сөйлесиўлерде регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти ҳәм Япония Бас министри Келешек әўладлар ушын кеңейтилген стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойды. Бул ҳүжжет, сөзсиз, қатнасықларды жаңа басқышқа көтеретуғыны ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын кең имканиятлар ашатуғыны атап өтилди.
Сапар етиў шеңберинде билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология, суў ресурслары, транспорт, қала қурылысы, туризм, аўыл хожалығы, тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў тараўларында салмақлы келисимлер топламы қабыл етилди. Бул ҳүжжетлерди алмастырыў мәресими болып өтти.
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, “Кантэй” резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң рәсмий сапары мүнәсибети менен Япония Бас министри Санаэ Такаичи атынан қабыллаў мәресими шөлкемлестирилди.
Илажда еки мәмлекет рәсмий делегацияларының ағзалары, исбилермен топарлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери де қатнасты.
Мәмлекетимиз жетекшиси ҳәм Япония ҳүкиметиниң басшысы болып өткен сөйлесиўлердиң нәтийжелеринен, олардың жуўмағында еки тәреплеме байланыслар кеңейтилген стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенинен қанаатланыўшылық билдирди.
Өзбекстан – Япония қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге умтылыў исенимли екени атап өтилди.
Япониядағы илажлар жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Президенти Санкт-Петербургта болып өтетуғын Евразия Жоқары экономикалық кеңесиниң болажақ мәжилиси ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы жетекшилериниң рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Россияға жөнеп кетти.
ӨзА