Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң “Орайлық Азия+ Япония” биринши саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

13

Ҳүрметли Бас министр ханым!

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Япония Бас министри Такаичи ханымға “Орайлық Азия + Япония” биринши саммити жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, гөззал ҳәм қызғын Токиода көрсетилип атырған қызғын миймандослық ушын билдирилип атырған терең миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Буннан 20 жыл бурын әйне күншығыс ели биринши мәрте “Орайлық Азия +” сөйлесиўиниң басламашысы болғанын атап өтиўди қәлер едим. Бул қарар стратегиялық жақтан қаншелли әҳмийетли ҳәм дурыс болғанын ўақыттың өзи көрсетпекте.

Бул саммитимиз, әлбетте, тарийхый әҳмийетке ийе ҳәм бирге ислесиўимизде жаңа бет ашпақта.

Бизиң Япония менен тығыз саўда ҳәм мәдений байланысларымыз Уллы жипек жолы дәўиринен раўажлана баслағанын атап өтиўди қәлер едим. Японияның әййемги пайтахты Нара қаласы, Сиз туўылған жер, ҳүрметли Бас министр ханым, усы жолдағы ең әҳмийетли орайлардан бири болған.

Бизлерди уқсас дәстүр ҳәм үрп-әдетлер, руўхый, мәдений ҳәм шаңарақлық қәдириятлар да жақынластырып турады.

Булардың барлығы Орайлық Азия ҳәм Япония арасында көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар болып есапланады.

Ҳүрметли Такаичи ханым!

Биз Орайлық Азия мәмлекетлери ғәрезсизликке ерискеннен кейинги дәўир даўамында Япония исенимли шеригимиз болып киятырғанын, регионның социаллық-экономикалық раўажланыўы, инфраструктура, санаат ҳәм энергетика базасын модернизациялаў, илим ҳәм билимлендириў және кадрлар потенциалын беккемлеўге салмақлы үлес қосып атырғанын жоқары қәдирлеймиз.

Сол себепли Орайлық Азия мәмлекетлери Японияның регион турмысында және де кең ҳәм белсене қатнасыўынан мәпдар. Ҳәм бул бойынша бизде усыныслар бар.

Регионымыз тәбийғый ресурсларға бай, дүньядағы транспорт, саўда ҳәм энергетика бағдарлары кесилиспесинде жайласқан. Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының өсиўи 5-6 процентти қурамақта ҳәм бул пәт жақын жылларда да сақланып қалады.

Бүгинги күнде регионда болып атырған жақынласыў ҳәм интеграцияның жедел процесслери Япония менен кооперация ушын қолайлы шараят жаратпақта.

Ҳүрметли Бас министр ханым, Орайлық Азия менен стратегиялық қатнасықларды раўажландырыў бағдарындағы исенимли умтылысыңыз ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен жаңа шеклерге ерисетуғынымызға исенемен. Данышпан япон халқының айтқанындай, “егер күшлер бирлессе, таўларды да орнынан қозғатыў мүмкин.”

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Бүгин мәмлекетлеримиз арасында шерикликти раўажландырыў бойынша алға қойылған әҳмийетли басламаларды толық қоллап-қуўатлайман.

Бирге ислесиўимизди стратегиялық әҳмийетли бағдарларда беккемлеўге қаратылған Токио декларациясы қабыл етилгенин қоллап-қуўатлайман.

Өз гезегинде, “Орайлық Азия + Япония” форматында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша көзқарасларымызды билдириўди қәлер едим.

Бириншиден, саммитлерди мәмлекет басшылары дәрежесинде ҳәр еки жылда бир мәрте өткериўди усыныс етемиз. Бул бирге ислесиўимизге қосымша күшли түртки бериўге хызмет етеди. Гезектеги усындай ушырасыўларымыздан бирин Өзбекстанда қабыл етиўге таярмыз.

Японияның әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында бирге ислесиў бойынша жаңа турақлы механизмди жаратыў ҳәм келеси жылы Токиода әдиллик министрлериниң биринши ушырасыўын шөлкемлестириў бағдарындағы басламасын қоллап-қуўатлаймыз.

Екиншиден, “Орайлық Азия – Япония 2040” бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў тәрепдарымыз.

Бул ҳүжжетке регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўына жәрдемлесиў ҳәм оларды глобаллық экономикалық процесслерге терең интеграциялаў бойынша анық бағдарлама ҳәм жойбарларды киргизиў мүмкин болады.

Жаңа идея ҳәм усынысларды ислеп шығыў, бирге ислесиўдиң кең көлемли күн тәртибин қәлиплестириў ушын мәмлекетлеримиздиң жетекши таллаў структураларының қатнасыўында Экспертлер форумын шөлкемлестириў әҳмийетли болып есапланады. Сөйлесиўлер ушын платформа усыныс етиў ҳәм форумның биринши мәжилисин келеси жылы Ташкентте шақырыўға таярмыз.

Үшиншиден, Япония финанс институтларының Орайлық Азияда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўды кеңейтиўин қоллап-қуўатлаймыз.

Орайлық Азияның бай тәбийғый ҳәм кадрлар ресурсларын Японияның санаат ҳәм технологиялық потенциалы менен бирлестирип, бир-биримизди толықтырыў ҳәм күшейтиў бойынша нәтийжеге ерисе аламыз.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азияның инфраструктуралары ҳәм санаатын раўажландырыў инвестициялық фондын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Оның базасында регионда ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў ушын Япония инвестициялары, технологиялары, инженерлик стандартлары ҳәм экспертизасын тартыўға қаратылған “Сапалы инфраструктура” бойынша бағдарламаны иске қосыў мүмкин.

Сондай-ақ, Япония технопарклериниң Орайлық Азия тармағы – санаат кооперациясы, локализациялаў ҳәм технологиялар трансфери регионаллық платформасын жаратыўды усыныс етемиз. Технопарклер тармағын региондағы ҳәр бир мәмлекеттиң шийки зат ҳәм санаат тараўындағы имканиятларынан келип шығып, бөлистириў мүмкин.

Төртиншиден, бүгин санлы трансформация экономикалық өсиў ҳәм турақлылықтың шешиўши факторына айланып бармақта.

Япония компаниялары санлы экономика сегментлери – санаатты автоматластырыў, робототехника, басқарыўдың интеллектуаллық системалары, жаңа әўлад бултлы ҳәм телекоммуникация платформалары тараўларында дүньяда жетекши болып есапланады.

“Орайлық Азия – Япония” санлы хабы – санлы шешимлер, жасалма интеллект, “буйымлар интернети,” киберқәўипсизлик ҳәм инновациялық экономика тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиў платформасын жаратыўды усыныс етемиз.

Бесиншиден, Япония заманагөй ҳәм исенимли транспорт инфраструктурасын жаратыўда үлкен тәжирийбеге ийе болып, регионда транзит ҳәм логистика тармағын раўажландырыўда әҳмийетли шериклерден бирине айланыўы мүмкин.

Биз тезжүрер поездлар ҳәм автомобиль жолларын қурыў, транспорт коридорларын санластырыў, аэропортлар ҳәм логистика орайларын қурыў жойбарларына Япония инвестициялары, технологиялары ҳәм экспертлериниң жәрдемин тартыўдан мәпдармыз.

Бул бағдарда Ташкент жаңа халықаралық аэропортын қурыўда “Sojitz LLC” компаниясы менен табыслы бирге ислесиўимизди атап өтиўди қәлер едим.

Алтыншыдан, Япония зыянлы газлердиң атмосфераға шығарылыўын толық сапластырыў бағдарындағы ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша дүньядағы жетекши мәмлекет болып есапланады.

Биз Өзбекстанда зәҳәрли газлердиң шығарылыўын 2035-жылға барып 50 процентке қысқартыў, 2030-жылға барып улыўма генерацияда “жасыл” энергия үлесин 54 процентке жеткериўди мақсет етип қойғанбыз.

Энергетикалық өтиў ҳәм “жасыл” энергетиканы раўажландырыў бойынша нәтийжели ыссылық станциялары, қуяш ҳәм самал энергиясы қурылмаларын қурыў, когенерация, шығынларды қысқартыў, зыянлы газлерди услап қалыў ҳәм пайдаланыў технологияларын енгизиў сыяқлы анық жойбарларды биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Ташкентте Қайта тикленетуғын энергетика тараўында қәнигелерди таярлаў бойынша регионаллық орайды шөлкемлестириў усынысын алға қоямыз.

Жетиншиден, мәмлекетлеримиз тәрепинен қабыл етилген Орайлық Азия ушын “Жасыл күн тәртиби” регионаллық бағдарламасын әмелге асырыўда өз-ара бирге ислесиўди тереңлестириўди әҳмийетли деп есаплаймыз. Бул бағдарлама Японияның “Жасыл трансформация” басламасы менен үнлес болып табылады.

Регионда ҳаўа сапасын жақсылаў бойынша атмосфераға шығарылып атырған газлерди мониторинг етиў, фильтрлеў ҳәм азайтыў, халық ушын және де турақлы ҳәм қәўипсиз экологиялық орталықты жаратыў ушын алдынғы шешимлерди қолланыўға қаратылған биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў, Климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында, Аралбойының экологиялық машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша жойбарларды қамтып алатуғын биргеликтеги ҳәрекетлер бағдарламасын қабыл етиў, Қарым-қатнас шеңберинде қоршаған орталықты қорғаў уйымлары басшыларының жаңа форматтағы ушырасыўларын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Сегизиншиден, Японияның сейсмикалық қәўипсизлик тараўындағы үлкен тәжирийбесин есапқа алып, Сейсмикалық турақлылықты баҳалаў ҳәм арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў тәрепдарымыз.

Мақсет – япон экспертлерин тартқан ҳалда Орайлық Азияның ири қалаларын комплексли сейсмикалық тексериўден өткериў, сейсмикалық турақлылықты арттырыў бойынша “жол карталары”н ислеп шығыў, Япония модели тийкарында алдыннан ескертиў системаларын иске қосыў болып есапланады.

Ташкент қаласында Япония стандартлары ҳәм протоколлары бойынша инженерлер, архитекторлар, қутқарыў хызметлерин таярлаў ушын Регионаллық маманлық арттырыў орайын ашыўды усыныс етемиз.

Тоғызыншыдан, Японияның билимлендириў ҳәм маман кадрлар таярлаў тараўындағы жәрдемин жоқары баҳалаймыз. Билимлендириў, илимий ҳәм академиялық алмасыўларды буннан былай да кеңейтемиз ҳәм қоллап-қуўатлаймыз.

Өзбекстанда келеси жылы “Орайлық Азия + Япония” форматында билимлендириў министрлериниң биринши мәжилисин, сондай-ақ, региондағы жетекши университетлер ректорларының биринши форумын өткериўди усыныс етемиз.

Жаслар жәмийетшиликлери арасында узақ мүддетли байланысларды қәлиплестириў, олардың дөретиўшилик, технологиялық ҳәм профессионал потенциалын раўажландырыўға қаратылған Жасларды раўажландырыў регионаллық тармақ бағдарламаларын қабыл етиў тәрепдарымыз.

Мәденият, көркем өнер ҳәм туризм фестивальларын турақлы өткерип барыў халықларымыз арасында дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етеди.

Осака қаласындағы “ЭКСПО” Пүткилжәҳән көргизбесинде Өзбекстан павильоны Алтын сыйлыққа миясар болғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим. Биз бундай илажларда буннан былай да белсене қатнасамыз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бизиң ушырасыўымыз дүнья сиясатында үлкен өзгерислер жүз берип атырған, геосиясий келиспеўшиликлер күшейип атырған ҳәм ири мәмлекетлер арасында өз-ара исеним төменлеп атырған дәўирде өтпекте.

Бундай шараятта тынышлықты сақлаў ҳәм турақлылықты беккемлеў жолындағы ҳәрекетлеримизди бирлестириў айрықша әҳмийетке ийе.

Аўғанстан өз-ара бирге ислесиўимиздиң және бир әҳмийетли бағдары болып қалмақта. Оны тыныш, турақлы ҳәм дөретиўшилик раўажланыўға қарай баратырған мәмлекет сыпатында көриў бағдарындағы умтылысларымыз бирдей.

Аўған халқын қоллап-қуўатлаў бойынша көп жыллардан берли жетекши донор ҳәм шерик мәмлекетлер қатарында болып киятырған Японияның избе-из позициясын жоқары баҳалаймыз.

Бизиң биргеликтеги ҳәрекетлеримиз ҳәм улыўма үлесимиз усы мәмлекет халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, социаллық-экономикалық ҳәм инфраструктуралық раўажланыў, сондай-ақ, Аўғанстанды регионаллық экономикалық жойбарларға жедел тартыўға хызмет ететуғынына исенемен.

Ҳүрметли дослар!

Сөзимниң жуўмағында күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша қарарларды қоллап-қуўатлайтуғынымды билдиремен.

Бүгин алға қойылған басламалардың әмелге асырылыўы сөйлесиўимиздиң раўажланыўына әмелий үлес қосатуғынына, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолындағы бирге ислесиўдиң салмақлы потенциалынан үнемли пайдаланыўға хызмет ететуғынына исенемен.