Сратдинова Гулбахар Бахтияровнаның филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Сратдинова Гулбахар Бахтияровнаның 10.00.06 – Салыстырмалы әдебияттаныў, салыстырмалы тил билими ҳәм аўдарматаныў қәнигелиги бойынша «Инглис, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде жеңил санаат ҳәм текстильге байланыслы терминлердиң структуралық-семантикалық өзгешеликлери ҳәм аўдарма машқалалары» темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертациясының қорғаўы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң 2026-жыл 8-январь күнги саат 9:00 деги мәжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы бас студиясында) болып өтеди.
Мәнзил: Нөкис қаласы,
Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай,
Тел: (+99861) 223-60-47, 223-60-78, 223-58-29
email: karsu_info@edu.uz