Өзбекстан Президенти “Sojitz Corporation” менен бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын атап өтти

10

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “Sojitz Corporation” басшылары Масаёши Фудзимото ҳәм Косуке Уэмураны қабыллады.

Японияның жетекши компаниясы менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды.

Электр энергиясына болған талап артып баратырғанын есапқа алып, Сырдәря ўәлаятында пуў-газ электр станциясын қурыў жойбарын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Көп тармақлы емлеўхана, Ташкенттиң жаңа халықаралық аэропорты, самал электр станциясын қурыў ҳәм басқа да тийкарғы жойбарларға айрықша итибар қаратылды.

Медициналық клиникалар ҳәм мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў мәкемелерин модернизациялаў, трансшегаралық “жасыл” энергия коридорын қурыў, мәмлекетимиз аймақларында газ компрессор станцияларын жаңалаў, сондай-ақ, япониялы инвесторлар ушын арнаўлы экономикалық зона жаратыўда корпорацияның қатнасыўы бойынша басламалар қоллап-қуўатланды.

 

ӨзА