Өзбекстан Президенти Япония бизнеси менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге шақырды

7

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Японияға рәсмий сапарының исбилерменлик бағдарламасына муўапық, усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары, финанс институтлары ҳәм бизнес ассоциацияларының басшылары менен ушырасыў өткерди.

Илажда Япония экономика, саўда ҳәм санаат министри Рёсэй Аказава, “Sojitz”, “Sumitomo”, “Toyota”, “ITOCHU”, “Mitsubishi”, “Marubeni”, “Daito Trust Construction”, “NEC”, “SBI Holdings”, “Ajinomoto”, “Japan Tobacco”, “Hitachi”, “Mitsui”, “Balcom”, “NEC”, “Eurus Energy”, “Chubu Electric Power”, “Shikoku Electric”, “Shimizu”, “Hankyu Travel International”, Япония металл ҳәм энергетика тараўында қәўипсизлик шөлкеми (JOGMEC), Япония халықаралық бирге ислесиў банки (JBIC), Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), Япония экспорт ҳәм инвестицияларды қамсызландырыў компаниясы (NEXI), Япония сыртқы саўда шөлкеми (NEXI), Япония ҒМДА мәмлекетлери менен саўда шөлкеми (JETRO), Япония ҒМДА мәмлекетлери менен саўда бойынша ассоциациясы (ROTOBO), “Norinchukin” ҳәм “SBI Shinsei” банклери, Япония туристлик агентликлери ассоциациясы сыяқлы ири корпорациялар ҳәм финанс институтларының топ-менеджерлери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў қатнасыўшыларына мүрәжат етип, япон исбилерменлериниң бундай абырайлы қурамы тәреплердиң бир-бирине болған жоқары исеними ҳәм экономикалық шерикликти буннан былай да раўажландырыўға турақлы қызығыўшылығынан дерек екенин атап өтти.

Соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа мазмунға ийе болғанын атап өтиў керек.

Япония компаниялары бурын тийкарынан жумысты бөлип алып ислеў жойбарларында қатнасқан болса, бүгинги күнде мәмлекет экономикасына жедел инвестиция киргизип, қоспа кәрханалар жаратпақта, басқарыў, технологиялар трансфери ҳәм миллий кадрларды таярлаўға өз үлесин қоспақта.

Сапасы жағынан жаңа басқышқа көтерилген бул өзгерислер нәтийжесинде Япония Өзбекстанның тийкарғы экономикалық ҳәм технологиялық шериклеринен бирине айланды.

Саўда-экономикалық көрсеткишлерде де унамлы пәт бақланбақта: кейинги сегиз жылда товар алмасыў 2 есеге, Өзбекстанда жумыс алып барып атырған япон компанияларының саны болса 10 есеге артты.

Энергетика, денсаўлықты сақлаў, геология, мәлимлеме технологиялары, инфраструктура ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда беккем кооперация орнатылды.

Ушырасыўда Президентимиз мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы 8 жыл ишинде Өзбекстанның жалпы ишки өними 2 есеге артты. 2030-жылға шекем мәмлекетти орта дәрежеден жоқары дәраматлы мәмлекетлер қатарына киргизиў ўазыйпасы қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы Япония исбилерменлерин санаатласыўды жеделлестириў, алдынғы технологияларды енгизиў, өндирис нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиўге қаратылған Өзбекстан экономикасын модернизациялаў процесслеринде белсене қатнасыўға мирәт етти.

Усы мәниде, Япония исбилермен топарлары менен бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Энергетикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм “жасыл экономика”ға өтиў, атап айтқанда, қайта тикленетуғын энергия дереклерин ҳәм резервлеў системаларын раўажландырыў, экономикада “углерод изи”н азайтыў солардың қатарына киреди.

Қосымша қундың толық шынжырын қәлиплестирген ҳалда оғада әҳмийетли минералларды терең қайта ислеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, машина қурылысы ҳәм санаат үскенелерин раўажландырыў, заманагөй жоқары технологиялы санаатласқан экономиканы қәлиплестириў перспективалы бағдарлар қатарында атап өтилди.

Мәлимлеме технологияларын раўажландырыў, соның ишинде, жасалма интеллект ҳәм санластырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Және бир әҳмийетли бағдар – заманагөй арнаўлы экономикалық зоналарды жаратып, өндирис процесслерин автоматластырыў ҳәм санлы басқарыў системаларын енгизиў арқалы оларды жоқары технологиялы ҳәм экспортқа бағдарланған өндирис және санаат кооперациясы орайларына айландырыў.

Мысал ушын, JICA жәрдеминде Япония модели ҳәм стандартлары тийкарында арнаўлы экономикалық зона қурыў жойбары ислеп шығылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Японияны тек ғана инвестор емес, ал келешек санаатын қурыўда өзиниң стратегиялық шериги сыпатында билетуғынын атап өтти.

Өз гезегинде, Япония исбилермен топарларының ўәкиллери Өзбекстандағы жумысын кеңейтиўге исенимли умтылатуғынын билдирди ҳәм тийкарғы бағдарлардағы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыў бағдарындағы режелерин билдирди.

ӨзА