Өзбекстан Президенти Япония экономика, санаат ҳәм саўда министри менен ушырасыў өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Токиоға рәсмий сапары шеңберинде 19-декабрь күни Япония экономика, санаат ҳәм саўда министри Рёсэй Аказаваны қабыллады.
Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Японияның Өзбекстан экономикасына тиккелей инвестициялары жедел өсип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Кейинги жыллары биргеликтеги кәрханалардың саны 10 есеге, әмелге асырылып атырған жойбарлардың улыўма баҳасы болса 20 миллиард доллардан артты.
Саўда ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў, альтернатив энергетика, карбонсызландырыў, оғада әҳмийетли шийки зат сыяқлы көплеген тараўларда санаат кооперациясын тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыў ушын министрлер дәрежесинде саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны дүзиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Япония сыртқы саўданы раўажландырыў шөлкеми (JETRO) ҳәм ҒМДА мәмлекетлери менен саўда бойынша ассоциацияның (ROTOBO) белсене қатнасыўында исбилерменлик байланысларын буннан былай да беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА