Жәмийетлик транспорларда арнаўлы рейдлер өткерилмекте

12

Нөкис қаласындағы жәмийетлик транспортларда Қарақалпақстан Республикасы жолаўшы тасыўды мониторинг ҳәм қадағалаў мәмлекетлик шөлкеминиң транспорт хызметлери сапасын қадағалаў бөлими қадағалаўшылары тәрепинен жол ҳақысын өз ўақтында төлеўди тәмийинлеўге қаратылған рейд илажлары өткерилмекте.

Енди Қарақалпақстан Республикасы жолаўшы тасыўды мониторинг ҳәм қадағалаў мәмлекетлик шөлкеминиң Транспорт хызметлериниң сапасын қадағалаў бөлими қадағалаўшыларына жол ҳақысын төлемеген жолаўшыларға жәрийма протоколларын рәсмийлестириў  ҳуқықы берилди. Бул болса, нызам бузыўшылықларға оператив мүнәсибет билдириў ҳәм пуқаралардың нызамшылыққа толық әмел етилиўин тәмийинлеў имканиятын береди.

– Егерде жолаўшы автобус жол ҳақысын төлемеген болса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик кодексиниң 144-статьясына муўапық оған ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилип, базалық есаплаў муғдарының 10%, яғный 41,200 сум муғдарында жәрийма салынады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң баспасөз хаткери Заҳийда Қалжанова. – Сонлықтан жәмийетлик транспортлардан пайдаланыўшы республикамыз халқын ендигиден былай автобусларға мингеннен баслап, билет сатып алыўын сорап қаламыз.

Соны айтып өтиўимиз керек, жолаўшы жол ҳақыны пластик картадан төлеген болса, сол төлеген пластик картасын қадағалаўшыларға береди ҳәм арнаўлы планшет жәрдеминде төленгенин ямаса төленбегенин тексереди. Ал, жолаўшы жол ҳақыны нақ пулда төлеген болса, транспорт басқарыўшысынан билет алады ҳәм қадағалаўшылар тексериў жумысларын алып барғанда билетин көрсетиўи керек болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы