Кредит қайтарылмаса мәжбүрий өндириледи

65

Жәмийетимизде пуқаралар ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың экономикалық жағдайын жақсылаў ҳәм бизнес жойбарларын әмелге асырыўға жәрдем бериў тийкарғы ўазыйпалардан болып есапланады. Банклер усы мақсетте халық ҳәм исбилерменлерге кредитлер ажыратпақта.

Бирақ, тилекке қарсы, жақсы нийет пенен алынған кредит қаржыларын ўақтында қайтармаў, шәртнама талапларына әмел етпеў жағдайлары ушыраспақта.

Бундай жағдайларда банклер судқа мүрәжат етиўге мәжбүр болмақта. Суд қарарлары тийкарында мәжбүрий орынлаў уйымлары кредит қарыздарлықларын мәжбүрий өндириў илажларын қолланады.

Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2025-жыл 4-апрель күнги қарарына бола, қарыздар К.М.дан “Бизнести раўажландырыў банк” АКБ пайдасына 308,6 миллион сум өндириў, өндириўди FENGON S508 EVR маркалы электромобилге қаратыў белгиленген.

Усы суд қарары бойынша шығарылған орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы Айрықша әҳмийетли орынлаў ислерин орынлаў бөлими ис жүргизиўине келип түсип, бөлим тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилген.

– Бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздарға усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў ушын 15 күнлик ықтыярлы мүддет берилип, суд қарарының орынланыўын тәмийинлемеў ақыбетлери түсиндирилди, – дейди МИБ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Айрықша әҳмийетли орынлаў жумысларын орынлаў секторы инспекторы Муҳаммед Алимов. – Соған қарамастан, қарыздар тәрепинен орынлаў ҳүжжети талабы ықтыярлы түрде орынланбағанлығы себепли, кредитке алынған автомашина бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен тийисли тәртипте хатлаўға алынған ҳәм электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарып жиберилген.

Банклердиң пайдасына өндирилип атырған қаржылар, өз гезегинде, исбилерменлик жумысын басламақшы болған пуқаралардың кредитке болған талабын қанаатландырыўға хызмет етеди.

Кредит қарыздарлықларын өндириў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги