«Кеше Үргитте болдық. Самарқандтан Үргит вокзалына шекем жаңа темир жол арқалы келдик. Бул жол Үргитте еркин экономикалық зона қәлиплесиўи, исбилерменлер, жолаўшылар ушын аралықты ҳәм қәрежетлерди қысқартыўға хызмет ететуғын әҳмийетли инфраструктура болады

Өзбекстан-Тәжикстан шегарасында саўда, логистика ҳәм медицина орайларын шөлкемлестириў жойбары менен таныстым. Тийкарғы мақсет – аймақты транзит ноқаттан экономикалық жумыс орайына айландырыў.
Жаңа логистика орайының күнине 100 жүк автомобилине шекем хызмет көрсетиўи режелестирилген. Бул жерде логистика тек ғана тасыў емес, ал өнимниң баҳасын арттырыўшы басқыш сыпатында көрилмекте. Бажыхана процесслеринде бюрократия қысқарып, тезлик ҳәм ашық-айдынлық арттырылады.



Диагностика орайында 200 наўқас, саўда орайында болса 800 исбилермен ушын шараятлар жаратылады. Бул арқалы Тәжикстан пуқаралары да паспорт қадағалаўы, артықша ҳүжжет ҳәм гезеклерсиз саўда ислеўи, медициналық хызметлерден пайдаланыўы мүмкин болады. Адамлар ушын қолайлық артады ҳәм экономикалық байланыслар және де күшейеди», – деди Саида Мирзиёева өз телеграм каналында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги