Олий Мажлис Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

54

Бүгин, 18-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.

Жалпы мәжилисте мәселелерди додалаў процесин Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги