Алимжанов Анвар Ахматовичти “Дўстлик” ордены менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде исбилерменлик тараўын раўажландырыў ушын жаратылып атырған кең имканиятлардан үнемли пайдаланып, жумыс искерлигинде көплеген әҳмийетли жойбарларды табыслы әмелге асырып киятырғаны, өзиниң излениўшеңлиги, исбилерменлик ҳәм басламашылық пазыйлетлерин көрсетип, елимизде саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абаданлығын арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырғаны және жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырғаны ушын Ташкент қаласындағы «Yunusabad Galleria» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Алимжанов Анвар Ахматович “Дўстлик” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев