Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламент ағзалары Ислам цивилизациясы орайына барды

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилисинде қатнасыў ушын Өзбекстанға келген сырт мәмлекетлер ҳәм Корея Республикасы парламент ағзалары Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайына барды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген Ислам цивилизациясы орайы ири тарийхый-ағартыўшылық комплекс болып, оның жумысы ислам цивилизациясының бай илимий ҳәм руўхый мийрасын қәстерлеп сақлаў, ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм дүнья жәмийетшилигине көрсетиўге қаратылған.
Мийманлар “Исламға шекемги цивилизациялар,” “Биринши Ренессанс,” “Екинши Ренессанс” ҳәм “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” экспозициялары менен танысты. Парламент ағзаларына Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Мотуридий, Баҳауддин Нақшбанд сыяқлы уллы ойшыллардың дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққында айтып берилди. Сондай-ақ, Саманийлер, Қараханийлер, Хорезмшаҳлар ҳәм Темурийлер тарийхый дәўирлерине байланыслы бийбаҳа қолжазбалар, естеликлер ҳәм дереклер көрсетилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги