Тек ғана этикет емес: санлы маркировка товар ҳаққындағы мағлыўматларды қалай ашып береди

17

Дәри қуралларының, спиртли ишимликлердиң ҳәм турмыслық техниканың қәлбекилестирилиўи базардың ең өткир машқалаларынан бири болып қалмақта. Көплеген товарлар визуал жақтан тийкарғысынан парықланбайды, бирақ қәўипли ямаса улыўма нызамсыз болыўы мүмкин. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, дүнья фармацевтика базарының дерлик 15 процентин контрафакт өнимлер қурайды.

Алкоголь, темеки өнимлери ҳәм турмыслық техника категорияларында да ең көп қағыйдабузарлықлар дизимге алынған. Соның ушын әйне усы топарлар санлы маркировка ушын үстин болып қалды. Asl Belgisi қарыйдарларға өнимниң ҳасыллығын өз бетинше – тез ҳәм бийпул тексериў имканиятын береди.

Нәтийжеде Өзбекстанда нызамсыз алкоголь ҳәм темеки үлеси азайды – соңғы бир жыл ишинде дерлик еки есеге. Бас прокуратура мағлыўматларына бола, алкоголь өнимлериниң нызамсыз айланысы көлеми 35 проценттен 18 процентке, темеки өнимлери болса 19,6 проценттен 9 процентке азайған.

Өнимлерди бақлаўды енгизиўдиң нәтийжеси санларда айқын көринеди: 2024-жылдан 2025-жылға шекем система арқалы өткен дәри-дәрмақлар қадақларының саны 82 проценттен көбирекке артты. Усақлап сатыўда динамика және де айқын: халыққа сатыўда айланыстан шығарылған қадақлардың көлеми дерлик он есеге артты. Буннан тысқары, мобиль қосымша арқалы ең көп тексериўлер әйне дәри-дәрмақлар бойынша белгиленеди: наўқаслар препаратлардың ҳақыйқый екенлигине исеним пайда етиў ушын қадақларды жедел сканерлемекте.

Келтирилген мағлыўматлар соны айқын көрсетеди, дәри қуралларын бақлаў системасы әмелде нәтийжели ислейди. Белгиленген қадақлар санының сезилерли дәрежеде өсиўи, усақлап сатыўда дизимге алынған сатыўлар көлеминиң көбейиўи, сондай-ақ, мобиль қосымша арқалы тексериўлердиң жоқары жеделлиги нызамсыз айланыс қәўпиниң реал азайыўы ҳәм наўқаслар тәрепинен исенимниң артыўынан дерек береди. Система тек ғана базарда қадағалаўды күшейтип қоймастан, ал тутыныўшыларды дәри-дәрмақлардың ҳақыйқыйлығын тексериўге тартады, фармацевтика базарын және де ашық-айдын ҳәм қәўипсиз етеди.

Asl Belgisi қалай ислейди

Ҳәр бир товар бирлиги өзине тән DataMatrix кодин алады. Asl Belgisi қосымшасы арқалы сканерлеўде пайдаланыўшы тиккелей миллий реестрден товар ҳаққындағы исенимли мағлыўматларды алады:

 

  • ислеп шығарыўшы;
  • келип шығыў мәмлекети;
  • жарамлылық мүддети;
  • руқсат бериўши ҳәм оған қосымша етилетуғин ҳүжжетлер.

Егер код жалған ямаса өним дизимнен өтпеген болса, система қарыйдарды ескертеди.

Бул санлар енди өнимлер «билип-билмей» сатып алынбайтуғынынан дерек береди.

2025-жыл 1-октябрь жағдайына Маркировкаланған өнимлер миллий реестринде:

  • 125 мыңнан аслам атамадағы товарлар дизимнен өткерилди;
  • 1 069 жергиликли ислеп шығарыўшы ҳәм 3 436 импорт етиўши қатнаспақта;
  • медициналық буйымлар ҳәм турмыслық техника категориялары жедел өсип бармақта;
  • медициналық өнимлер сегментинде 368 жергиликли ҳәм 922 сырт ел қатнасыўшысы;
  • 307 жергиликли ҳәм 1 943 сырт ел техника ислеп шығарыўшылары.

Системаны кеңейтиў “күлрең” импорт көлемин азайтыў, бәсекини күшейтиў ҳәм нызамлы ислеп шығарыўшыларға исенимди арттырыў имканиятын береди.

Бир өнимди тексериң ҳәм айырмашылықты сезиң

Тексериў бир неше секунд даўам етеди, бирақ контрафактты сатып алыў қәўипин сезилерли дәрежеде азайтады. Бул әсиресе төмендегилер ушын жүдә әҳмийетли:

  • дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар;
  • алкоголь өнимлери;
  • пиво;
  • темеки өнимлери;
  • суў ҳәм ишимликлер;
  • турмыслық техника.

Система қарыйдар ҳәм сатыўшы арасындағы қатнасықларды және де айқынластырады ҳәм базардың барлық қатнасыўшылары ушын бирден-бир қағыйдаларды жаратады.

Пайдаланыўды баслаў

Asl Belgisi қосымшасын Android  ҳәм iOS платформаларында бийпул пайдаланыў мүмкин. Тексериў ушын төмендеги әмеллерди орынлаў керек:

  1. қосымшаны ашыў;
  2. қадақтағы DataMatrix-кодты сканерлеў;
  3. товар ҳаққында рәсмий мағлыўматларды алыў.

Санлы маркировка әллеқашан өзиниң нәтийжелилигин дәлиллеп қойған: ол қарыйдарларды қәлбеки өнимнен қорғаўға жәрдем береди, нызамсыз айланыс үлесин азайтады ҳәм базардың ашық-айдынлығын тәмийинлейди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги