Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы арасында экономикалық бирге ислесиў ҳәм санлы трансформация мәселелери додаланды

9

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси шеңберинде “Экономикалық бирге ислесиў, санлы трансформация ҳәм санаат: регион мәмлекетлериниң абаданлығы жоллары” темасында биринши сессия болып өтти.

Сессияда шығып сөйлегенлер регионаллық экономикалық байланыслардың кейинги жыллардағы өсиўине итибар қаратып, еки регион арасында әмелге асырылған ири биргеликтеги жойбарлар, кеңейип атырған шериклик ҳәм беккемленип атырған өз-ара исенимди атап өтти.

Сессия даўамында узақ мүддетли, турақлы ҳәм стратегиялық экономикалық бирге ислесиўге бағдарланған системалы көзқарасты қәлиплестириўге итибар қаратылды.

Парламент ағзалары инвестицияларды хошаметлеў ҳәм финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў, регионаллық экономикалық байланыслылықты күшейтиў механизмлерин жетилистириў, санлы трансформацияны биргеликтеги ҳәрекетлер менен раўажландырыў және парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын зәрүр нызамшылық базасын қәлиплестириў бойынша усыныслар билдирди.

Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасындағы стратегиялық шерикликтиң әмелий нәтийжелери, саўда-экономикалық байланыслардың турақлылығы, биргеликтеги кәрханалар ҳәм инвестициялық жойбарлардың раўажланыўы бойынша пикир алысылды.

Қатнасыўшылардың сессиядағы шығып сөйлеўлеринде санлы экономика, санаат, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм билимлендириў тараўларында келешекте бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Сессия жуўмағында экономикалық бирге ислесиўди стратегиялық бағдар сыпатында раўажландырыў, биргеликтеги технологиялар ҳәм санаат кластерлерин қәлиплестириў, сондай-ақ, санлы интеграция ҳәм жасыл экономика бойынша жойбарларды жақын келешекте әмелге асырыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги