Өзбекстан техникалық тәртипке салыў ҳәм метрология тараўында ҒМДА менен бирге ислесиўди күшейтиледи

Москвада Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў бойынша мәмлекетлераралық Кеңесиниң (МГС) 68-мәжилиси болып өтти.
Онда Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў тараўларында жәҳән стандартлары менен үйлестириў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Илажда ҒМДА Бас хаткериниң орынбасары Илҳом Неъматов қатнасты. Мәжилисте ағза мәмлекетлер миллий стандартластырыў, метрология, сертификатластырыў ҳәм муўапықлықты баҳалаў системаларын жетилистириў және илимий-техникалық ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгиленди.

Илажда Өзбекстан Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги директоры басшылығындағы делегация да қатнасты. Бул болса мәмлекетимиздиң стандартластырыў ҳәм метрология тараўындағы халықаралық бирге ислесиўдеги белсене орнын және де беккемлейди.
Мәжилисте миллий уйымлар тәрепинен стандартлар ҳәм техникалық тәртипке салыў әмелиятын жетилистириў, саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, ағза мәмлекетлер арасында жоқары маман қәнигелерди таярлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў, илимий-техникалық және саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў бойынша бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, мәжилис шеңберинде “Өним ҳәм хызметлер сапасы тараўында ерискен жетискенликлери ушын ҒМДА сыйлығы” таңлаўы бойынша номинациялар, соның ишинде, Өзбекстаннан 6 жергиликли кәрхана ҒМДА Атқарыў комитетине усынылды.
Жуўмағында гезектеги мәжилисти Бишкекте өткериў қарары мақулланды.
ӨзА