Жәҳән банки Өзбекстанға 250 млн доллар ажыратады

Жәҳән банкиниң Атқарыўшы директорлар кеңеси Өзбекстан ушын 250 миллион доллар муғдарындағы қаржыландырыў пакетин тастыйықлады. Қаржылар мәмлекеттиң 16 район ҳәм қаласында коммуналлық инфраструктура ҳәм хызметлерди (жоллар, суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасы, жәмийетлик транспорт, мектеплер, поликлиникалар ҳәм дем алыў бағлары) раўажландырыўға бағдарланады.
Жойбар “Қалаларда жасаў ушын қолайлы орталық жаратыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў” (LPCP) бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып, 2030-жылға шекем 1 миллионға шамалас халықтың турмыс сапасы жақсыланыўы күтилмекте.
Бағдарлама транспорт, жәмийетлик аймақлар, суў тәмийнаты, жол ҳәм социаллық инфраструктураны қамтып алады ҳәм жерлерди тартып алыў ямаса халықты мәжбүрий көшириўге алып келетуғын жойбарларды қаржыландырмайды.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Жәҳән банкиниң Өзбекстанда билимлендириў кредитлерин қаржыландырыў системасын қоллап-қуўатлаўға қаратылған EduImkon бағдарламасы ушын 250 млн доллар муғдарындағы кредитти мақуллағаны хабар етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги