Суў хожалығындағы әҳмийетли мәселелер додаланды

Президент Шавкат Мирзиёевқа 15-декабрь күни суў хожалығында энергия нәтийжелилигин арттырыў, илимий потенциалды раўажландырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў жумыслары бойынша мәлимлеме берилди.
Бәринен бурын, ескирген ҳәм энергия жумсалыўы жоқары насос агрегатларын заманагөй, энергияны үнемлейтуғынларына алмастырыў бойынша режелер көрип шығылды.
Мәселен, Қарақалпақстан Республикасында 274 насос станциясы болып, олар арқалы 185 мың гектардан аслам жер майданлары суўғарылмақта. Станциялардағы насос агрегатларының ярымынан көби 1979-жылдан берли ислеп шығарылған үскенелерден ибарат болып, олардың энергия жумсалыўы заманагөй насосларға салыстырғанда 2-3 есеге жоқары.
Кегейли районындағы ески агрегатлардан бири заманагөй энергия үнемлеўшиге алмастырылғанда, электр энергиясының жумсалыўы еки есеге азайған.
Бул унамлы тәжирийбеден келип шығып, Қарақалпақстандағы 276 насосты басқышпа-басқыш заманагөй энергия үнемлеўши агрегатларға алмастырыў режелестирилген. Нәтийжеде жылына 25 миллиард сумға тең электр энергиясы үнемлениўи ҳәм жойбар қәрежетлери 14 ай ишинде өзин ақлайтуғыны атап өтилди.
Бул бағдарда жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.

Сондай-ақ, Ташкент ирригация университетинде ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ҳәзирги күнде университетте 8682 студент билим алмақта, 571 профессор-оқытыўшы жумыс алып бармақта, илимий потенциал дәрежеси 73,5 процентти қурайды.
Университет халықаралық рейтинглерде жоқары нәтийжелерге ерисип, “THE World University Rankings 2026” рейтингинде дүнья университетлери арасында 501-орынды, Орайлық Азия ҳәм Кавказ арты мәмлекетлери бойынша 2-орынды, Өзбекстанда 1-орынды ийеледи, “QS World University Rankings 2026” нәтийжелерине бола болса 469-орынға көтерилди.
Өткен жылы университет аймағында 200 орынлық заманагөй IТ орайы қурылды, санлы китапхана ҳәм регистратор офисиниӊ жумысы жолға қойылды. Университеттиң билимлендириў бағдарлары бес жыл мүддетке халықаралық аккредитациядан өткерилди. Оқыў процесине дүньяның ТОП-300лик университетлерин питкерген жерлеслеримиз ҳәм сырт ел профессорлары тартылған.

Келешекте климат өзгериўин таллаў ушын санлы технологияларға тийкарланған миллий платформа жаратыў, университет аймағында космослық бақлаў станцияларын қурыў, жасалма жолдас мағлыўматларын қабыл етиў инфраструктурасын раўажландырыў режелестирилген.
Сондай-ақ, университеттиң “Суў дипломатиясы” магистратура бағдарына халықаралық статус бериў нәзерде тутылған. Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ирригация университетин дүньяның ТОП-300 университетлериниң қатарына киргизиў бойынша анық илажлар ислеп шығыўды тапсырды.
Презентацияда халықаралық бирге ислесиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, соңғы айларда Ташкент қаласы ишимлик суўы ҳәм ақаба хызметлерин жақсылаўға бағышланған биринши Орайлық Азия конференциясы ҳәм Суў кодексиниң күшке кириўине бағышланған халықаралық конференцияға басшылық етти.
Бул илажлардың логикалық даўамы сыпатында келеси жылы март айында Ташкент халықаралық суў ҳәптелигин өткериў режелестирилгени мәлим етилди. Форум халықаралық институтлар ҳәм регион мәмлекетлери менен бирге ислесиўди беккемлеў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм “жасыл” технологияларды енгизиў бойынша пикирлесиў майданы болып хызмет етеди.
Бул илажды жоқары дәрежеде өткериў ҳәм келеси жылы Аралбойы аймағында суўды үнемлеў технологияларына бағышланған халықаралық форумға пуқта таярлық көриў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА