Жас параспортшыларымыз Дубайда 15 медальды қолға киргизди

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында V Жаслар Параазия ойынлары болып өтип, онда Өзбекстан сайланды командасы 99 алтын, 57 гүмис, 41 қола медаль менен улыўма командалық есапта Азия континентинде 1-орынды ийелеген еди.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында республикамыздың жас параспортшылары да қатнасып, 15 медальды қолға киргизиўге миясар болды. Атап айтқанда, парапауэрлифтинг бойынша А.Пердебаев ҳәм Т.Турсынбаевалар алтын, Х.Усманжанов, А.Каримбаев, А.Балтабаева, Т.Урақбаевалар гүмис, паражеңил атлетика спорт түриниң ядро ҳәм диск ылақтырыў түрлеринен М.Шаробиддинова алтын, найза ылақтырыў бойынша гүмис, М.Ибрагимова алтын ҳәм қола медальларын, ер балалар арасында беллесиўлерде Т.Бохаев ядро ҳәм диск ылақтырыў бойынша қола медальларын жеңип алыўға миясар болды. Ал, паражүзиў спорт түринен Ш.Ережепбаева екинши, паратаэквондо VT бойынша О.Аматов үшинши орынларды ийелеўге еристи.

Әлбетте, жасларымыздың қолға киргизген бул табыслары, республикамызда спорт тараўын, соның ишинде, параспортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўдың айқын көриниси болды десек болады. Пурсаттан пайдаланып, барлық жеңимпаз параспортшыларымызды, усындай мәрт перзентлеримизди тәрбиялаған, ийгиликли умтылысларыңызды бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған ата-аналарын ҳәм олардың тренерлерин қолға киргизген үлкен табысы менен шын кеўилден қутлықлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы