2027-жылғы футбол бойынша U-20 жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында

8

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары

2027-жылы Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда болып өтетуғын футбол бойынша U-20 Жәҳән чемпионатын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў және Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы ҳәм Азия футбол конфедерациясының абырайлы ири жарысларын өткериў мақсетинде қарар етемен:

  1. I. Тийкарғы бағдарлар
  2. 2027-жылы футбол бойынша U-20 Жәҳән чемпионатын (кейинги орынларда – Жәҳән чемпионаты) шөлкемлестириў ҳәм өткериўдиң тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

(а) Жәҳән чемпионатына мүнәсип таярлық көриў, оны жоқары дәрежеде өткериў;

(б) Жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (кейинги орынларда – ФИФА) талапларына муўапық зәрүр инфраструктураны жаратыў;

(в) Жәҳән чемпионаты қатнасыўшылары ҳәм ықласбентлерине жоқары дәрежедеги хызметлерди көрсетиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў;

(г) Жәҳән чемпионатын өткериў арқалы мәмлекетимиздиң халықаралық көлемдеги орнын ҳәм абырайын арттырыў, сырт ел бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў.

  1. II. Жәҳән чемпионатын өткериў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар
  2. Төмендегилер:

(а) 2025-жыл 2-октябрь күни ФИФА Кеңеси тәрепинен футбол бойынша Жәҳән чемпионатын Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда өткериў ҳаққында қарар қабыл етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин;

(б) 2027-жылғы футбол бойынша U-20 Жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын;

(в) 2027-жыл футбол бойынша U-20 Жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Шөлкемлестириў комитетине (А.Арипов) төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

(а) Жәҳән чемпионатын жоқары дәрежеде өткериў бойынша жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

(б) ФИФА талапларына муўапық Жәҳән чемпионаты өткерилетуғын объектлердиң инфраструктурасын жақсылаў, заманагөй техникалық ҳәм телекоммуникация үскенелери менен тәмийинлениўин тәмийинлеў;

(в) Жәҳән чемпионаты қатнасыўшыларының Өзбекстанға келип-кетиўи, оларға виза рәсмийлестирилиўи, транспорт, медициналық хызмет көрсетиў ҳәм волонтёрлық мәселелерин муўапықластырыў;

(г) Жәҳән чемпионаты болып өтетуғын аймақларды үзликсиз ҳәм альтернатив электр энергия менен тәмийинлеў, абаданластырыў жумысларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;

(д) Жәҳән чемпионаты болып өтетуғын аймақларда футбол стадионлары, шынығыў майданлары ҳәм мийманханаларды таяр жағдайға келтириў.

  1. Шөлкемлестириў комитетине усы қарардың 3-бәнтинде нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде Жәҳән чемпионатын жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге байланыслы оператив қарарларды қабыл етиў ўәкиллиги берилетуғыны белгиленсин.

III. Финанслық ресурслар.

  1. 2027-жыл футбол бойынша U-20 Жәҳән чемпионаты шеңберинде әмелге асырылатуғын қәрежетлер ҳәм оларды қаржыландырыў дереклериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының талапнамаларына тийкарланып Транспорт министрлиги:

(а) Жәҳән чемпионатында аккредитациядан өткен шахслар ҳәм ойын күнлери билетлери бар болған шахслардың жәмийетлик транспорт қуралларында барып келиўи ушын Ташкент – Жаңа Ташкент – Ташкент жөнелисинде өз алдына автобуслар қатнаўын жолға қойсын;

(б) Жәҳән чемпионатында аккредитациядан өткен шахслар ҳәм ойын күнлери билетлери бар болған шахслар ушын жәмийетлик транспорт қуралларынан (автобус, метро) бийпул пайдаланыў имканиятларын жаратыў илажларын көрсин.

  1. IV. Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.

ФИФА ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының Ташкент қаласында ФИФАның Орайлық Азия мәмлекетлери ушын регионаллық офисин (кейинги орынларда – регионаллық офис) ашыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер:

(а) регионаллық офисти шөлкемлестириў ҳәм сақлаў қәрежетлери биринши гезекте ФИФА тәрепинен ажыратылатуғын қаржылар, жетпеген бөлеги болса Өзбекстан футболын қоллап-қуўатлаў қорыныӊ қаржылары есабынан, бирақ улыўма қәрежетлердиң 50 процентинен аспаған муғдарда қапланады;

(б) регионаллық офис Ташкент қаласы Ислам Кәримов көшеси 98а-жай мәнзилинде жайласқан Өзбекстан футбол ассоциациясының имаратында бийғәрез тийкарда жайластырылады;

(в) регионаллық офис имаратын оңлаў, зәрүр мебель, үскене, техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 3-ноябрьдеги ПҚ-355-санлы қарарына муўапық Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан ажыратылатуғын қаржылар есабынан қапланады. Онда минимал сақлаў талаплары Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен белгиленеди.

  1. V. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў.
  2. Жәҳән чемпионатын жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде:

(а) Өзбекстан футбол ассоциациясы Жаңа Ташкент қаласы аймағында қурылып атырған “Жаңа Ташкент орайлық футбол майданы”ның ФИФА ҳәм Азия футбол конфедерациясының абырайлы жарыслар өткериў бойынша талапларына бейимлестирилиўин қадағаласын;

(б) Өзбекстан футбол ассоциациясы Спорт министрлиги менен биргеликте:

(и) Жәҳән чемпионатының рәсмий футбол тобын, логотипин, символын (маскот) көпшиликке таныстырыў мәресимлери ҳәм басқа да рәсмий илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў илажларын көрсин;

(ии) Жәҳән чемпионатының бас сыйлығы – Жәҳән кубогын жәмийетшиликке таныстырыў ушын республика бойлап маршрутын ислеп шықсын ҳәм оның әмелге асырылыўын шөлкемлестирсин;

(в) Энергетика министрлиги Жәҳән чемпионаты объектлери ҳәм Халықаралық трансляция орайын ФИФА талаплары бойынша үзликсиз ҳәм альтернатив электр энергиясы менен тәмийинлесин;

(г) Өзбекстан футбол ассоциациясы 2026-жыл 1-январьға шекем ФИФА талабы тийкарында Жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша жергиликли жумысшы топар (Local Organization Committee) шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги:

(а) ФИФА тәрепинен белгиленген талапларға муўапық Жәҳән чемпионаты ойынларын эфирге бериў ҳуқықы ушын лицензия алыў илажларын көрсин;

(б) Жәҳән чемпионатын жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў бойынша медиа режени ислеп шықсын;

(в) усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар жәрияланыўын, брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер таярланыўын шөлкемлестирсин.

  1. Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

(а) үш ай мүддетте усы қарарға 3-қосымшаға муўапық қәрежетлерди қаржыландырыў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын;

(б) 2026-жыл 1-майға шекем Министрлер Кабинетиниң ФИФА менен ерисилген келисимнен келип шығып, Жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў шеңберинде ФИФАға, оның ағзалары ҳәм шериклерине, шөлкемлестирилип атырған жергиликли жумысшы топарға, исбилерменлик субъектлери ҳәм ықласбентлерге берилип атырған қолайлықлар менен жеңилликлерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Ҳүкиметке киргизсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги Жәҳән чемпионатына мүнәсип таярлық көриў, оны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын талап етилетуғын қаржылар 2026-2027-жылларда Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спорт министри А.И.Икрамов, Өзбекстан футбол ассоциациясының баслығы Б.Н.Курбанов және Ташкент қаласы ҳәкими Ш.Б.Умурзаков белгиленсин.
  3. Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт бойынша ўәкили О.Қ.Абдураҳмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев