Турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын тынышлық ҳәм исенимди беккемлеў керек

18

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 11-12-декабрь күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болды.  

Мәмлекетимиз басшысы 12-декабрь күни Ашхабад қаласындағы Бийтәреплик монументине гүл қойыў мәресиминде қатнасты.

Түркменстанның адамгершилик идеялары, тынышлық, дөретиўшилик ҳәм жақсылық принциплерине садықлығын сәўлелендиретуғын Бийтәреплик ҳәм “Бийтәрепликтиң 30 жыллығы” естеликлерин өз ишине алған комплекс ҳәм оған тутас ландшафтлы бағ Түркменстан турақлы бийтәреплигиниң 30 жыллығы және “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы”н белгилеўге таярлық шеңберинде қайта қурылды ҳәм салтанатлы түрде ашылды.

Президентимиз басқа да сырт ел делегацияларының басшылары менен бирге монументке гүл қойды.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласында Түркменстан турақлы бийтәреплигиниң 30 жыллығы, Халықаралық бийтәреплик күни және 2025-жыл “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” деп жәрияланғанына бағышланған халықаралық форумда қатнасты.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекшилери, ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасты.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Түркменстанды турақлы бийтәрепликтиң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлап, бул қутлы сәне Түркменстанның дүньяның барлық мәмлекетлери менен тыныш, исенимли, дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўға бәрқулла садық болып киятырғанын өзинде жәмлегенин атап өтти.

– Түркмен халқының заманагөй өзине тәнлигиниң ажыралмас бөлегине айланған Түркменстанның бийтәреплиги оның терең тарийхый дәстүрлерине, мәдений ҳәм руўхый қәдириятларына, адамгершилик, кеңпейиллик ҳәм жақсы қоңсышылық сыяқлы жақсы пазыйлетлерине сүйенеди, – деди Президентимиз.

Сол себепли, Түркменстанның Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен биргеликте Тынышлық ҳәм бийтәреплик университетин шөлкемлестириў бойынша басламасы қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстан ушын дүньяға ашық-айдынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм пикирлесиўге умтылыў фундаментал қәдириятлар екенин атап өтти. Буның тастыйығы сыпатында улыўма қәўипсизлик ҳәм абаданлық жолында тилеклеслик бойынша Самарқанд басламасы алға қойылғанын келтириў мүмкин. Бул баслама инсаният келешеги ушын бийпәрўа болмаған, тынышлық, татыўлық ҳәм турақлы раўажланыў ушын умтылып атырған барлық тәреплерди сөйлесиўге тартыўға қаратылған.

Буннан тысқары, мәмлекетимиздиң Қосылмаў ҳәрекетиндеги болажақ басшылығы дәўиринде Өзбекстан тынышлық ҳәм зорлықсызлық мәдениятын қоллап-қуўатлаў бойынша глобаллық ҳәрекетти хошаметлеў, сиясий сөйлесиў тийкарында мәмлекетлер арасында исенимди беккемлеў, дүньяда кеңпейиллик, аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик орталығын қарар таптырыўға жәрдемлесиўди баслы тийкарғы бағдарлар сыпатында белгилеўди мақсет еткен.

Басшылық даўамында, сондай-ақ, келешек әўладлардың мәплери жолында келиспеўшиликлерди шешиў бағдарындағы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў ушын 2027-жылды Превентив дипломатия жылы деп жәриялаў режелестирилген. Оның шеңберинде конференция ҳәм форумлар шөлкемлестириў, парламент, жәмийетлик ҳәм жаслар делегацияларының өз-ара алмасыўларын қамтып алған илажлар бағдарламасы қабыл етиледи.

Президентимиз глобаллық көлемде кескинлик сақланып атырған ҳәм мәмлекетлер арасында исеним төменлеп атырған ҳәзирги шараятта тынышлықты сүйиўшилик ҳәм дәлдалшылық принциплерине улыўма садықлық ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтти. Әне сол себепли Өзбекстан Түркменстанның 2025-жылды “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” деп жәриялаў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлап, БМШ Бас Ассамблеясының тийисли резолюциясының жәрдемши авторы болды.

Өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик принциплери Орайлық Азияны тынышлық, бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық мәканына айландырыў бағдарындағы сиясаттың да тийкары екени атап өтилди.

– Өткен айда Ташкентте болып өткен регион мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўы аўызбиршиликти беккемлеў, регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер, көп тәреплемели экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенимизди және бир мәрте көрсетти, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы көзқарастан, Түркменстанның конструктивлик ҳәм тынышлық сүйиўшилик сиясаты Орайлық Азияда турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы есапланатуғынына айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстанның тийкарында тынышлық ҳәм исеним сыяқлы ийгиликли идеялар жәмленген бул усыныслары Ашхабадтың регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары форматындағы басшылығы даўамында күн тәртибинен мүнәсип орын ийелейтуғынына исеним билдирди.

Мәмлекетимиз жетекшиси өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм аўызбиршиликке тийкарланған гуманитарлық бирге ислесиўди алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтип, келеси жылы Ташкентте “Мәдениятлар қарым-қатнасы” биргеликтеги халықаралық гуманитарлық форумын шөлкемлестириў ҳәм “Жаслар тынышлық ҳәм исеним жолында” регионаллық бағдарламасын енгизиўди усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан дүньяда әдил ҳәм турақлы тәртипти қурыўға буннан былай да әмелий үлес қосыўға таяр екенин атап өтти.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстанға әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА