Студентлерге поезд ушын 50 процент шегирме жәрияланды
58

“Өзтемиржолжолаўшы” АЖ республикалық жоқары оқыў орынларында оқып атырған студентлерге қысқы дем алыс даўамында жергиликли жөнелислердеги қатнаўлар ушын шегирмелер жәриялады.
Барлық жергиликли жөнелистеги жолаўшы поездлардың темир жол ҳүжжетиниң толық баҳасынан 50 процент шегирме 2025-жыл 18-декабрьден 2026-жыл 12-январьға шекем әмел етеди. Бул шегирме СВ/ВИП класс вагонлары ҳәм жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын “Афросиёб” электропоездларына қолланылмайды.
ӨзА