Студентлер ушын сессиялар 12-январьдан басланады

53

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шариповтың буйрығына бола, 2025-2026-оқыў жылының гүзги семестринде оқыў процеси ҳәм пәнлерден қадағалаўлар 2026-жыл 12-январьдан басланады.

Студентлерге гүзги семестр жуўмағы бойынша өткерилетуғын жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларына байланыслы барлық мағлыўматлар жеткерилиўи белгиленген. Имтиханларды талап дәрежесинде өткериў ҳәм олардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылады.

Мағлыўмат ушын: Студентлер ушын қысқы дем алыс сәни 10-январьға шекем етип белгиленген,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги