Жаңадан тайынланған судьялар ант қабыл етти

53

Жоқары суд Пленумының гезексиз мәжилиси болып өтти.

Онда айырым пуқаралық ислер бойынша районлараралық және жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судларға биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьялардың ант бериў мәресими өткерилди.

Мәжилисте Судьялар жоқары кеңесиниң 2025-жыл 5-декабрьдеги қарарына муўапық судьялық лаўазымда болыўдың биринши бес жыллық мүддетине тайынланған Музаффар Шаҳобов, Ҳаётжон Маманазаров, Зуҳриддин Саримсоқов, Низомиддин Тўланбаев, Исомиддин Тўйчийев ҳәм Хуршид Умбаровтың анты тыңланды.

Ант қабыл еткен судьяларға судьялық гүўалықлары менен бирге “Судялар әдебияты кодекси” тапсырылды.

Н.Абдураимова,

ӨзА