Өзбекстан ҳәм Корея арасында фармацевтика-биотехнология бағдарында бирге ислесиў кеңейеди

Өзбекстан Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ҳәм Кореяның K-NBIRT (Korea National Biotech Research & Innovation Technology) шөлкеми арасында бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша меморандумға қол қойылды.
Ҳүжжет еки мәмлекет арасында илимий-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў, фармацевтика ҳәм биотехнология бағдарларында инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм маман кадрлар таярлаў системасын раўажландырыўға қаратылған.
Меморандум шеңберинде фармацевтика ҳәм биотехнология бойынша илимий изертлеўлер алмасыўы, Өзбекстан ҳәм Корея қәнигелери ушын оқыў бағдарламалары ҳәм әмелий тренинглер шөлкемлестириў, биргеликтеги илимий жойбарлар, технологиялар трансфери ҳәм инновациялық қолланбаларды енгизиў, лаборатория инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм алдынғы тәжирийбелерди енгизиў бағдарларында бирге ислесиў жолға қойылады.
Бул меморандум еки мәмлекет арасындағы илимий бирге ислесиўди беккемлейтуғыны, кадрлар потенциалын арттырыўы ҳәм фармацевтика-биотехнология тараўларының инновациялық раўажланыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.
ӨзА