Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў әмелиятқа енгизиледи

54

Усы жыл 9-декабрь күни “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы ӨРН-1101-санлы нызам қабыл етилди.

Нызамға бола, пуқараларға мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың әмел етиўи мәжбүрий ямаса ықтыярый тийкарда әмелге асырылады.

Қамсызландырыў ҳәдийселерине төмендегилер киреди:

  • кеселлик себепли ўақтынша мийнетке жарамсызлық;
  • ҳәмиледарлық ҳәм туўыў;
  • жумыс яки дәраматты жоқ етиў.

Қамсызландырыў ҳәдийселери жүз бергенде қамсызландырылған шахсларға ҳәм (ямаса) олардың шаңарақ ағзаларына мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төмендеги төлемлер әмелге асырылады:

  • ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы;
  • ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы;
  • жумыстан босатыў напақасы.

Қамсызландырыў төлеми қамсызландырылған шахс ушын қорға әмелге асырылатуғын ажыратпа ямаса төлем есапланады.

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди алыўға болған ҳуқық қамсызландырыў төлемлериниң төлениўине байланыслы жүзеге келеди.

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлер нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда ҳәм тийисли дәўирлер ушын тайынланады.

Нызам 2026-жыл 1-январьдан күшке киреди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги