Аўыл хожалығыныӊ илимлер академиясы шөлкемлестирилетуғыны жәрияланды

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.
– Мен бир гәпти қайта-қайта айтыўдан шаршамайман. Илим ҳәм излениў болмаған тараўда раўажланыў да, өсиў де болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бүгин аграр тараўда 22 илимий орай, 260 лаборатория, оларда жүдә үлкен потенциалға ийе жүзлеген илимпаз ҳәм илимий хызметкерлер жумыс алып бармақта.
Бул потенциалдан толық пайдаланыў ушын “илим – билимлендириў – өндирис” интеграциясын тәмийинлейтуғын Аўыл хожалығы илимлери академиясы шөлкемлестирилетуғыны жәрияланды. Бул академия аўыл хожалығындағы фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыўға жуўапкер болады.
Өткен жылы 4 институт негизинде Аўыл хожалығы кадрларының маманлығын арттырыў институты шөлкемлестирилген еди. Бул институтта жылына 8 мыңнан аслам тараў ўәкиллери, атап айтқанда, фермер, дийқан ҳәм кластерлердиң хызметкерлери заманагөй агротехнологиялардан пайдаланыўға оқытылады.
Жуўапкерлерге Голландия, Испания, Италия, Түркия ҳәм Қытайдан маман агрономларды алып келип, дийқан ҳәм фермерлерди жаңалықларға турақлы оқытып баратуғын система жаратыў тапсырылды.
Буннан тысқары, пахта-ғәлле бағдарындағы ең алдыңғы 200 фермер, мийўе-овощ бағдарындағы ең мийнеткеш 200 бағман ҳәм дийқан, аўыл хожалығы бағдарындағы ең белсенди 100 экспортёр Қытай, Түркия, Голландия, Франция сыяқлы мәмлекетлерге жиберилип, оқытылады. Бул 500 фермер, бағман ҳәм экспортшылардың жол ҳақысы ҳәм мийманхана қәрежети толық қаплап бериледи.
ӨзА