Ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етилди

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.
Және бир мәселе – республикада егислик майданлардан өткен 70 мың километр узынлықтағы ашық дренаж ҳәм коллекторлар бар.
Егер олар басқышпа-басқыш жабық системаға өткерилсе, егин егиў ушын қосымша майдан ашылады, изейкешлерди тазалаў қәрежетлери есесине үнемленеди.
Бул мәселе, әсиресе, жер жетиспейтуғын ойпатлық ўәлаятлары ушын оғада әҳмийетли.
Сонлықтан, ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилип, бул мақсетлер ушын 100 миллион доллар ажыратылатуғыны белгиленди.
Ўәлаят ҳәкимлери тәжирийбели исбилерменлер менен бирге келеси жылдың өзинде кеминде 10 мың километр дренажды жабық системаға өткерип, 20 мың гектар қосымша егислик майданын ашыў ушын жуўапкер болады.
ӨзА