Келеси жылы Қытайдан және 50 ден аслам заманагөй агродрон алып келинеди

14

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.

Аўыл хожалығы министрлигинде дрон хызметлерин көрсетиўши өз алдына орай иске қосылғаны бул тараўда қәниге таярлаў ҳәм дронларға сервис хызметин көрсетиў имканиятын берди.

Усы жылдың өзинде 100 ден аслам дрон жәрдеминде жер майданлары ҳәм егинлер мониторинги, алдынғы агротехникалық илажлар әмелге асырылды.

Келеси жылы Қытайдан және 50 ден аслам заманагөй агродрон алып келинеди. Ҳәр бир ўәлаятта кеминде 2 дрон мобиль комплекси арқалы агрохызметлер көрсетиў жолға қойылады.

Аграр тараўда дронлар ушын белгиленген ушыў салмағы ҳәзирги 100 килодан 250 килоға шекем арттырылады.

– Өз жумысына санлы технология ҳәм жасалма интеллектти алып кирип, аз қәрежет пенен жоқары өнимдарлыққа ерисип атырған фермер ҳәм кластерлеримиздиң саны да көбейип атырғаны мени қуўандырады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА