Аўыл хожалығы тараўын қоллап-қуўатлаўға ажыратылып атырған қаржылар жылдан-жылға арттырып барылмақта

25

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.

– Аўыл хожалығы тараўын қоллап-қуўатлаўға ажыратылып атырған қаржыларды жылдан-жылға арттырып атырмыз. Буннан кейин де тараўға қанша қаржы керек болса, таўып бериўге таярман. Бирақ бул қаржылар өз ўақтында ийесине жетип барыўы ҳәм өнимдарлықты буннан былай да арттырыўға хызмет етиўи ушын ашық-айдын система болыўы керек, – деди Президентимиз.

Аўыл хожалығындағы субсидиялар усы ўақытқа шекем 6 министрлик тәрепинен ажыратылып атырған еди. Сол себепли, барлық субсидиялар бойынша финанслық хызметлерди бир жерде көрсететуғын Аграр тараўда төлемлер агентлиги шөлкемлестирилди.

Агентлик тәрепинен келеси жылы дийқан ҳәм фермерлерге 2 триллион 200 миллиард сум муғдарында субсидия бериледи. Онда субсидия ажыратыў процеси ҳәзирги 4 басқыштан 2 басқышқа, оны алыўға кететуғын ўақыт болса 1 айдан 15 күнге қысқарады. Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир субсидия фермерлерге мақул болатуғын шәртлерде, оларға қаржы ең зәрүр ўақытта берилетуғын системаға өтиледи.

Кейинги жылдан суў насосына жумсалған электр энергиясы ушын субсидиялар мийўе-овощ, майлы егин, картошка ҳәм от-жем егинлерин жетистириўши фермерлерге де ажыратылатуғыны жәрияланды.

ӨзА