Келеси жылы шеттен 100 мың бас қарамал ҳәм 200 мың бас қой-ешки алып келинеди

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.
Және бир әҳмийетли, итибар қаратыў зәрүр болған мәселе – гөш ҳәм сүт өнимлерин көбейтиў.
Келеси жылы шеттен 100 мың бас қарамал ҳәм 200 мың бас қой-ешки алып келинеди. Пахта ҳәм ғәлле бағдарындағы фермерлерге өз жеринде шарўашылықты жолға қойыў ушын 20 сотихқа шекемги майданда жеңил конструкциялы имарат қурыўға руқсат бериледи. Импорт етилген нәсилли қарамал ҳәм бир күнлик шөже ушын субсидия ажыратыў тәртиби және 5 жылға создырылады.
Шарўашылық жойбарлары ушын келеси жылы Жәҳән банки ҳәм Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорынан алып келинген ресурслар есабынан 157 миллион доллар қаратылады. Бул қаржылар шарўаларға 10 жыл мүддетке 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 17 проценттен бериледи.
Оған қосымша ЖIСАдан 150 миллион доллар, Азия раўажланыў банкинен 60 миллион доллар тартылады. Бул қаржыларды нәтийжели жумсап, келеси жылы 5 триллион сумлық 1 мың жойбарды иске қосыў, Франция тәжирийбеси тийкарында 167 районда 340 гөш ҳәм сүт бағдарындағы 50-60 баслы киши шарўашылық хожалықларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
ӨзА