Бүгин республикада 90 мың гектар ескирген ҳәм аз өнимдарлы бағ-жүзимзарлар бар

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.
Жумыстың көзин билетуғын дийқанлар интенсив бағ жаратып, гектарынан 50 мың долларға шекем өним алмақта. Бундай бағларды кескин көбейтиў ҳәм жерге мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Бүгин республикада 90 мың гектар ескирген ҳәм аз өнимдарлы бағ-жүзимзарлар бар. Ески бағлардан алынып атырған өним гектарына 10 тоннаға да жетпейди. Сонлықтан, жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын шөлкемлестириў, ескилерин жаңалаў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етиледи.
Президентимиз бағшылық хожалықлары ушын бир қатар жаңалықларды жәриялады.
Енди Агросанаатты раўажландырыў қорынан интенсив бағ шөлкемлестириў ушын 7 жылға 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 14 процентлик кредит бериледи. Исбилерменлик компаниясы тәрепинен музлатқышлы қоймахана ушын кредит процентиниң тийкарғы ставкадан асқан 8 процентке шекемги бөлеги қапланады. Саўданы раўажландырыў компаниясы овощ экспортшылары ҳәм бағманларға қадақлаў қәрежетиниң 50 процентин компенсация етеди.
Буннан тысқары, сертификатланған нәл сатып алыў қәрежетиниң 50 проценти бюджеттен төленеди. Мийўениң түрине қарап шпалерлер ушын фермерлерге 20 мың сумнан 70 мың сумға шекем субсидия ажыратылады.
Пахта ҳәм ғәлледе болғаны сыяқлы мийўе-овощ бағдарындағы фермерлер ушын да арзанластырылған баҳада төгин ҳәм жанылғы сатып алыў имканияты жаратылады.
ӨзА