Енди өз қаржысы есабынан ғәлле жетистирген фермерлерге зүрәәтиниң он проценти муғдарында субсидия ажыратылады

8

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.

Пахташылықта механизациялаў дәрежесин 85 процентке жеткериў ушын келеси жылы және 800 терим машинасы, 450 көп функциялы сеялка ҳәм 3 мың дана плёнка жыйнаўшы машина алып келиниўи белгиленди.

Аўыл хожалығы қорынан пахта жетистириў ушын фермерлерге ҳәр бир гектарға ажыратылатуғын қаржы 1,4 есеге көбейтилип, 17,5 миллион сумға жеткериледи.

Улыўма етип айтқанда, пахташылықтағы жумысларды және де жанландырыў ушын 2026-жылы дийқан ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаўға 35 триллион сум бериледи.

Ғәллешиликте де шор, суўсызлыққа ҳәм ыссыға шыдамлы жаңа сортларды жаратыў бағдарындағы изленислер және де күшейтилетуғыны атап өтилди.

Жақында Мексикадағы Жәҳән мәкке ҳәм ғәллешилик изертлеў орайынан 100 ден аслам жаңа зүрәәтли ғәлле сорты алып келинди. Қарақалпақстан, Әндижан, Қашқадәрья, Жиззақтағы ғәллешилик институтларын модернизациялаўға Жәҳән банки қаржысынан 10 миллион доллар берилди.

– Бул ҳәммеси емес! Енди өз қаржысы есабынан ғәлле жетистирген фермерлерге пахтадағы сыяқлы зүрәәтиниң 10 проценти муғдарында субсидия ажыратылады,- деди Президентимиз.

ӨзА