180 студент дуал тәлим тийкарында алдынғы кластер ҳәм фермерлерде ислеп, әмелият өтейди

12

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиўинде атап өтилди.  

Жақсы агроном – жоқары зүрәәт кепили.

Сонлықтан, Аграр университеттиң 180 студенти дуал билимлендириў тийкарында алдынғы кластер ҳәм фермерлерде жумыс ислеп, әмелият өтейди.

Агрономиялық сырларды үйреткен фермер ҳәм кластерге ҳәр бир студент ушын 5 миллион сумнан пул, студентке болса 1,5 миллион сум стипендия төленеди.

Жеткиликли тәжирийбе ҳәм көнликпе арттырған жас агрономлар аўыл хожалығына қәнигелескен 167 районда кепилленген жумысқа жибериледи.

Олар фермерлердиң жумысына жаңалықлар алып кирип, сапалы туқым ҳәм сорт, заманагөй агротехнология жәрдеминде өнимдарлықты арттырыў ҳәм қәрежетлерди қысқартыўға жәрдемлеседи.

Бул жумысларды сапалы шөлкемлестириўи ушын бул жас агрономларға 2 мың доллардан айлық төленеди. Әне сонда агрономлық жаслар арасында ең тартымлы кәсиплерден бирине айланатуғыны атап өтилди.

ӨзА