Президент келеси жыл ушын аграр тараў алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди

24

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.

– Жақында Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда фермерлер ҳәм дийқанлар менен ушырасып, болып атырған өзгерислер менен танысып, оғада кеўлим толды. Олардағы күш-ғайратты көрип, келеси жылы пахтада 4,5 миллион, ғәлледе 10 миллион тонналық қырманды биймәлел еплеў мүмкин екенине және бир мәрте исеним пайда еттим, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жаңа агротехнология жәрдеминде 76-схема бойынша пахта жетистириўди келеси жылы ғалаба ен жайдырып, 891 мың гектарда толық усы схема бойынша пахта жетистириледи. Ғаўаша қурты, гербицид, шор ҳәм суўсызлыққа шыдамлы сырт ел сортлары егилетуғын майданлар 2 есеге көбейтилип, 500 мың гектарға алып шығылады.

“Шинжон тәжирийбеси” тийкарында 300 мың гектарға шигит егиледи. Буның ушын атызларда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиўге 2 триллион 600 миллиард сум жеңиллетилген кредит ажыратылады. Өз қаржысынан пахта жетистирген фермерлерге өнимниң 10 процентине шекемги бөлегин субсидиялаўға 250 миллиард сум бериледи.

Онда пахта жетистириў ушын кредит лимитиниң ярымынан пайдаланған фермерлерге де өнимниң 5 процентине шекем субсидия ажыратылады.

ӨзА