Мәмлекетимиз басшысы жоқары атақ, орден ҳәм медальларды өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды

Президент Шавкат Мирзиёев Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллери менен сөйлесиў өткермекте.
– Әлбетте, бундай үлкен нәтийжелер артында дийқан ҳәм фермерлеримиз, кластерлер, улыўма, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы ҳәр бир инсанның мийнети, мәртлиги, пидайылығы тур, десек дурыс болады. Олардың мийнети, мәрт ҳәм уллы пазыйлетлери ҳәр қандай тән алыў ҳәм итибарға ылайық.
Соның ушын да бүгин Аўыл хожалығы хызметкерлери күни алдында сизлер менен көрисип, сәўбетлесип, мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықлаўға қарар еттим,-деди Президентимиз.
Сыйлықланғанлар арасында пахтадан 80-90 центнер, ғәлледен 115 центнерге шекем зүрәәт алған, атызына суўды үнемлейтуғын технологиялар ҳәм насосларына қуяш панелин кеңнен енгизген фермер ҳәм кластерлер, мийўе-овощ, шарўа, қус, балық, пал ҳәррешиликте интенсив усылларды қолланып, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм экспортқа үлкен үлес қосып атырған дийқан, шарўа ҳәм экспортёрлар бар.
Суў жетиспеўшилиги шараятында каналларды бетонлаў, суўдың есабын орнына қойып, әдил бөлистирип атырған ирригация-мелиорация хызметкерлери ҳәм механизаторлар, аўыл ҳәм суў хожалығына илимниң жаңа жетискенликлерин алып кирип атырған, туқымгершилик, нәсилшилик ҳәм агротехнология бойынша инновациялар жаратып атырған илимпазлар да жоқары сыйлықларға ийе болды.
Пахта, ғәлле ҳәм бағшылықта кескин өзгерис жасай алған Жыззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятлары ҳәкимлериниң аўыл хожалығы бойынша орынбасарлары, Қува, Балықшы, Дослық, Төменги Шыршық ҳәм Нөкис районларының ҳәкимлери де бар.
Мәмлекетимиз басшысы жоқары атақ, орден ҳәм медальларды өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.
ӨзА