Кеше Шайх Зоид атындағы “Инсаный дослық” сыйлығы комитетиниң мәжилиси шеңберинде “Ал-Азҳар” комплексиниң Бас имамы Шайх Аҳмад Муҳаммад Таййиб пенен ушырасыў болып өтти

58

Ушырасыў даўамында тынышлық, өз-ара түсинисиў ҳәм инсан қәдирин жоқарылатыў арқалы сыйлық миссиясын әмелге асырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды. Инсан дослығы декларациясында белгиленген принциплерди сақлаў ҳәм раўажландырыў, глобаллық көлемде бирге ислесиў ҳәм өз-ара ҳүрметти беккемлеўге қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.


Сондай-ақ, ең әййемги мешитлерден бири – Ал-Азҳарды зыярат етиў ҳүрметине миясар болдық.