“Бажыхана аймағында қайта ислеў” – өндиристи ҳәм экспортты раўажландырыў механизми

Қарақалпақстан Республикасы аймағында исбилерменлик жумысын жолға қойып атырған кәрханаларға әмелий жәрдем көрсетиў, олар ушын жаратылған бажыхана жеңилликлери ҳәм қолайлықлар ҳаққында толық түсиник бериў мақсетинде Бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен үгит-нәсиятлаў жумыслары даўам етпекте.
“Ilyosbek Bexruz Nilufar” ЖШЖ кәрханасы бүгинги күнде ун өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен болып, усы ўақытқа шекем баҳасы 69 мың АҚШ доллары муғдарындағы 260 тонна өнимди ислеп шығарып, экспортқа бағдарлаўға ерискен. Келешекте кәрхана бийдайды “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими тийкарында сырттан алып кирип, қайта ислеў арқалы экспорт потенциалын және де арттырыўды режелестирген.
Мәш өнимлерин ислеп шығарыўшы “Star Agro Servis” ЖШЖ кәрханасы Түркменстаннан “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режимине тийкарланып мәш өнимлерин алып кирип, қайта ислеп, ҳәзирги күнге шекем 907 мың АҚШ доллары баҳасындағы 1188 тонна таяр өнимди экспортқа шығарған. Исбилермен келешекте де усы бажыхана режиминен кеңнен пайдаланыў режелери бар екенлигин билдирди.
Сондай-ақ, “Krisital Mega Star” ЖШЖ кәрханасы кир жуўыў өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланып, усы жылдың өткен дәўири даўамында 326 тонна, улыўма баҳасы 82 мың АҚШ доллары муғдарындағы таяр өнимди сырт мәмлекетлерге экспорт етиўге ерискен болып, ишки базарды да тәмийинлеп келмекте.




Ушырасыўлар даўамында кәрхана ўәкиллерине “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң тийкарғы абзаллықлары түсиндирилди. Соның ишинде, шийки затты сырттан бажыхана төлемлерисиз алып кириў, өнимди қайта ислеп экспортқа шығарыўдағы жеңилликлер, өндирис көлемин кеңейтиў ҳәм қәрежетлерди азайтыў имканиятлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги