Өзбекстан Глобаллық сапа инфраструктуралық индексинде 52-орынға көтерилди

49

Жақында 185 мәмлекеттиң сапа инфраструктурасын баҳалайтуғын Глобаллық сапа инфраструктуралық индекси (GQII) ниң гезектеги рейтинги жәрияланды.

Рейтингке бола, 2024-2025-жылларда аккредитация, метрология ҳәм стандартластырыў тараўларында әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде Өзбекстан 185 мәмлекет арасында 52-орынды ийеледи.

Мағлыўмат ушын, бул рейтинг Германия халықаралық бирге ислесиў қоры (GIZ), Германия Миллий метрология институты (PTB) ҳәм “Mesopartner and Analyticar” еркин консалтинг компаниялары тәрепинен жүргизиледи.

2023-жылға салыстырғанда 2025-жылы мәмлекетимиз 15 текшеге жоқарылаған.

2025-жылғы рейтингте жетекши онлық:

  1. Германия;
  2. АҚШ;
  3. Қыта;
  4. Уллы Британия;
  5. Италия;
  6. Қубла Корея;
  7. Япония;
  8. Франция;
  9. Испания;
  10. Польша.

ҒМДА мәмлекетлери арасында:

  • Қазақстан – 48;
  • Беларусь – 51;
  • Россия – 55;
  • Молдова – 78;
  • Әзербайжан – 83;
  • Грузия – 81;
  • Армения – 102;
  • Қырғызстан – 109;
  • Тәжикстан – 172.

Ш.Маматуропова, ӨзА