Мәҳәллелерде жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты азайтыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёев мәҳәллелерди жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме менен танысты.
Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте иске қосылмай атырған имканиятлар, бул бағдардағы кемшиликлер көрсетип өтилди.
Мәжилисте “мәҳәлле жетилиги” ағзаларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаў ушын анық өлшемлер жоқ екенлиги, олардың тийкарғы ўазыйпасы болған жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда жуўапкершилигин және де арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. “Жетилик”тиң жумысы халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларының артыўында тиккелей сәўлелениўи шәрт екенлиги, бул бағдарда мәнзилли ҳәм нәтийжеге бағдарланған жумысларды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәҳәллелерде кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты қысқартыўда, бәринен бурын, олардың машқалалары ҳәм “өсиў ноқатлары”н анықлап, системалы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў тапсырылды. Сондай-ақ, халықтың мүрәжатларын тиккелей мәҳәллениң өзинде шешиўге итибарды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.
Аўыр категориядағы мәҳәллелер бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Бул аймақларға айрықша итибар қаратып, инфраструктура, электр тәмийнаты, интернет тармағы, қыйтақ жерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў тапсырылды.
Усы жылы мәмлекетимизде кәмбағаллық дәрежеси 8,9 проценттен 6 процентке түсиўи күтилмекте. Келеси жылы бул көрсеткишти 4,5 процентке шекем қысқартыў мақсет етилген.
Оның ушын мәҳәллелерде жумысларды шөлкемлестириўге комплексли қатнас жасаў, турақлы бәнтлик бағдарындағы хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў, дәрамат дереклерин жаратыў, халықты кәсип-өнерге оқытыў ҳәм исбилерменликке тартыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Ҳәр бир кәмбағал шаңарақ бойынша оның реал имканиятлары ҳәм тилеклерин есапқа алған индивидуал режелерди ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жойбарлаў көзқарасы шеңберинде “Бәнтлик уйымлары – жумыс бериўшилердиң шериги”, “Тең имканият – инклюзив бәнтлик”, “Турақлы келешекке қарай”, “20 жергиликли бренд”, “Бир контур – бир өним”, “Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў,” “Ижара жер ҳәм қыйтақ жерде суў тәмийнатын жақсылаў,” “Ески бағларды жаңалаў,” “1 мың гектар мийўели бағ,” “Экспортшы кооперативлер” сыяқлы бағдарламалар менен 1 миллион кәмбағал халықты қамтып алыў режелестирилген.
Кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты азайтыўда мәҳәллелерде киши ҳәм орта жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, шегара ҳәм анклав аймақларда инфраструктураны жақсылаў, күни-түни ислейтуғын көшелер, туристлик мәҳәллелер, микро санаат орайларын шөлкемлестириў, жағалық ҳәм жол бойы инфраструктурасын раўажландырыў илажлары таныстырылды.
Бәнтлик бағдарламасының 2025-жылдағы орынланыўы ҳәм 2026-жылғы бағдарламаны қәлиплестириў, рәсмий емес бәнтликти қысқартыў мәселелери де көрип шығылды.
Президентимиз жуўапкерлерге мәҳәллелердеги мәселелерди мәнзилли шешиў, халықтың талаплары тийкарында әмелий жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы ўазыйпалардың жоқары жуўапкершилик пенен орынланыўын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.
ӨзА