Автомобиль жоллары тараўындағы жумыслардың жағдайы ҳәм гезектеги ўазыйпалар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев автомобиль жоллары тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келеси режелер бойынша презентация менен танысты.
Кейинги үш жылда тараўда орынланған жумыслар, қаржыландырыў көлеми ҳәм әмелий нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Усы дәўир ишинде автомобиль жоллары тараўына дерлик 40 триллион сум ажыратылып, 63 мың километр жолда қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары орынланды. Тараўға сырттан тартылып атырған қаржылар 3 есеге артып, 2025-жылы 1,2 миллиард долларға жетти. Жол қурылысында үлгилерден ўаз кешилип, ҳәр бир аймақтың геологиялық ҳәм экологиялық өзгешеликлеринен келип шыққан ҳалда жойбарлаў әмелияты енгизилди. Заманагөй түрдеги қапламалар ислеп шығылып, жоллардың хызмет мүддети 1,5 есеге арттырылды.
Презентацияда тараўдағы бар машқалаларды шешиў бойынша усыныслар ҳәм режелер таныстырылды. Бәринен бурын, бар улыўма пайдаланыўдағы ҳәм ишки жоллар және көпирлерди оңлаў, жаңаларын қурыўда алдынғы тәжирийбе ҳәм дүньяда өзин ақлаған технологиялардан пайдаланыў төмен екенлиги атап өтилди.

Келеси жылларда 21 мың километр жолларды қурыў ҳәм оңлаў, 14 мың километр топырақ жолларға шағыл тас ҳәм қум араласпасын төсеў ҳәм 325 көпирди оңлаў режелестирилген. Онда сырт елли экспертлер ҳәм технологияларды кеңнен тартыў, алдынғы стандартларды енгизген ҳалда жумысты шөлкемлестириў тапсырылды.
Салмағы нормадан артық жүк автомашиналарының ҳәрекетлениўи ақыбетинде 1800 километр жол оңлаўға мүтәж ҳалға келип қалғаны көрсетип өтилди.
Усы мүнәсибет пенен жүк транспортының салмағын қадағалаў ушын өлшеў тәрезилери тармағын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта 9 сондай тәрези орнатылған, 8 ин орнатыў жумыслары даўам етпекте. Келешекте және 35 көшпели ҳәм стационар қадағалаў-өлшеў пунктин қурыўға тапсырма берилди.
Жуўапкерлерге салмақ ҳәм габарит қадағалаўы менен байланыслы барлық процесслерди қамтып алған уйымлараралық электрон мәлимлеме системасын иске қосыў тапсырылды. Сондай-ақ, ҳаўа-райы шараятларынан келип шығып, аўыр салмақлы транспорт қуралларының ҳәрекетин мәўсимлик шеклеў тәртибин ислеп шығыў усыныс етилди.
Бүгинги күнде жаңа жоллардың 61 процентин, “Басламалы бюджет” шеңберинде болса ишки жоллардың 92 процентин жеке меншик сектор қурмақта. Узақ жыллар мәмлекет монополиясында болған жолларды сақлаў жумыслары да басқышпа-басқыш жеке меншик шерикликке берилмекте.

Бул жумысларды кеңейтип, келеси жылы 3 мың километр, 2030-жылға барып болса 6,3 мың километр жолларды сақлаўға исбилерменлерди тартыў режелестирилген. Сондай-ақ, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында 86 районда қурылатуғын жолларды толық жергиликли жумысты бөлип алып ислеўшилерге бериў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Тараўда санластырыў дәрежеси төмен екени, бар 59 хызметтен тек ғана 20 сы санластырылғаны атап өтилди. Келеси жылы 28 хызметти электрон түрге өткериў, интеллектуаллық транспорт системасын енгизиў ҳәм 7 жаңа электрон платформаны ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Презентация жуўмағында белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан автомобиль жолларын 2035-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.
ӨзА