Байрамға бағышланған илажлар
63

Қарақалпақстан Республикасы Жаслар ислери басқармасы, Ишки ислер, Миллий гвардия ҳәм басқа да уйымлар менен биргеликте 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен “Конституция-инсан қәдири, еркинлиги, теңлиги ҳәм әдиллик гиреўи!” сүрени астында ғалабалық илажларын өткерди.
Онда қурал-жарақлардың, әскерий техникалардың көргизбелери ҳәм атлар парады байрамға өзгеше көтериңкилик бағышлады.
Сондай-ақ, “Заковат” интеллектуаллық ойыны өткерилип жеңимпазлар анықланды.
1-орын – Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
2-орын – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги
3-орын – Әдиллик министрлиги.
Қарақалпақстан хабар агентлиги