Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

Қәдирли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Бул қутлы әййямда барлық ҳуқық ҳәм еркинликлеримиз, елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылық, бирлик ҳәм аўызбиршилик, артқа қайтпайтуғын демократиялық реформаларымыздың кепили болған Тийкарғы нызамымыздың турмысымыздағы орнын ҳәм әҳмийетин және де терең сезинбектемиз.
Ҳеш гүмансыз, халқымыздың сиясий-ҳуқықый сана-сезими ҳәм жоқары ерк-ықрарының көриниси болған Конституциямызда мөрлеп қойылған қағыйда ҳәм принциплер Жаңа Өзбекстанды қурыўда бәршемиз ушын шексиз күш-ғайрат, исеним ҳәм илҳам дереги болып хызмет етпекте.
Бул ҳаққында сөз болғанда, бәринен бурын, және де кең ўәкиллик ҳәм жуўапкершиликке ийе болған миллий парламентимиз ҳәм биринши мәрте жергиликли Кеңеслердиң депутатлары арасынан сайланған басшылар басшылық етип атырған ўәлаятлық Кеңеслери, жәмийетлик басқарыўда орны ҳәм абырайы барған сайын артып атырған мәҳәлле институтының жумысы мысалында халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дереги екени ҳаққындағы конституциялық қағыйданың әмелий тастыйығын көремиз.
Әсиресе, жаңа парламентимиз тәрепинен быйылғы жылы судлардың жумысы және пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиўге байланыслы нызамлар және елимизде дослық, аўызбиршилик орталығын беккемлеў, инклюзив жәмийет, жаслар, ҳаял-қызлар мәселелери, кем тәмийинленген инсанлардың мәплерин қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў бойынша көплеген әҳмийетли қарарлар қабыл етилгенин атап өтиў зәрүр.
Жергиликли кеңеслер де өз аймақларындағы әҳмийетли социаллық машқалаларды шешиў бойынша жедел жумыс алып бармақта. Олар тәрепинен өткен дәўирде 25 мыңнан аслам мәселе додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилгени, лаўазымлы шахсларға 14 мыңға шамалас депутатлық сораўлар жиберилгени де соннан дерек береди.
Ўәкилликли уйымларды ҳақыйқый халық минберине, халық даўысына айландырыўға қаратылған реформаларымыздың даўамы сыпатында 2026-жылдың 1-январынан район ҳәм қалаларда да ҳәким ҳәм Кеңес баслықларының ўазыйпаларын айрықша ажыратыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырамыз.
Бир сөз бенен айтқанда, халық ҳәкимиятшылығы, ўәкиллик демократиясы, Конституция ҳәм нызам үстинлиги сыяқлы конституциялық принциплерге буннан былай да садық қалып, бул бағдардағы реформаларымызды және де исенимли даўам еттиремиз.
Ҳүрметли дослар!
Бизге белгили, соңғы жыллары мәмлекетимизде инсан қәдири, халықтың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. “Конституция – инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи!” деген ийгиликли идея тийкарында өткерилип атырған быйылғы байрам илажлары арқалы бул жолда ерискен жетискенликлеримиз терең талланып, жаңа ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынбақта.
Кейинги ўақытта барлық тараў ҳәм тармақларда ерисип атырған нәтийжелеримизге усы көзқарастан баҳа берип, олардың тийкарында, бәринен бурын, инсаныйлық ҳәм халықшыллық принциплери жәмленгенин ҳәм олар өз нәтийжесин берип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Мысалларға мүрәжат ететуғын болсақ, быйыл халықтың жан басына дәрамат 3 мың 500 долларды қурағаны, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 78 процентке, жоқары билимлендириўде болса 42 процентке жеткени, адамларымыздың орташа өмир көриў дәрежеси 73,8 жастан 75,1 жасқа созылғаны ҳәм басқа да санларды келтириў мүмкин.
Конституциямызға тийкарланып мәмлекетке жүкленген социаллық миннетлемелерди орынлаў ҳәм елимизде социаллық мәмлекет қурыў бағдарында да үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 1 миллионнан аслам пуқара кәмбағаллықтан шығарылды, кәмбағаллық дәрежеси 6,6 процентке түсирилди.
Экономиканы турақлы раўажландырыў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў, беккем ҳуқықый система ҳәм ашық жәмийет қурыў жолындағы кең көлемли реформаларымыз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта.
Мәселен, 2025-жылы Турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде Өзбекстан 19 текше жоқары көтерилип, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия регионында ең жедел раўажланып атырған мәмлекет сыпатында атап өтилди. Глобаллық инновация индексинде елимиз Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери бойынша күшли үшликтен орын алды. “S&P”, “Fitch” ҳәм “Moodyʼs” сыяқлы абырайлы халықаралық агентликлер тәрепинен Өзбекстанның суверен кредит рейтинги көтерилди.
Абырайлы халықаралық әнжуман – ЮНЕСКО Бас конференциясы соңғы 40 жыл даўамында биринши мәрте Парижден тысқарыда, яғный, Самарқандта табыслы өткерилгени де дүнья жәмийетшилиги тәрепинен әҳмийетли ўақыя сыпатында тән алынбақта.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Реформаларымыз шешиўши басқышқа кирип атырған бүгинги күнде биз Конституциямыздың ҳәр бир нормасын мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста әмелий жумыс өлшемине айландырыўымыз зәрүр. Әсиресе, жасларымызға Тийкарғы нызамымыздың мазмун-мәнисин терең үйретиў, оларды конституциялық қәдириятлар тийкарында жоқары саналы ҳәм ўатансүйиўши пуқаралар, сиясий ой-пикир ҳәм ҳуқықый мәденият ийелери етип тәрбиялаў алдымызда турған оғада әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Тек ғана Конституция ҳәм нызамларымызға терең ҳүрмет, пуқта ҳуқықый билим ҳәм әмелий тәжирийбе тийкарында биз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда белсене қатнасып, Ўатан ҳәм халық алдындағы перзентлик миннетимизди мақтаныш пенен орынлай аламыз. Сонда ғана Бас нызамымыздың өмир бағышлаўшы күши, дөретиўшилик потенциалы әмелде және де айқын көринеди.
Бәршемиз ушын миллий ғәрезсизлигимиз, мақтанышымыз тымсалы болған Конституциямыз улығланатуғын бул қуўанышлы әййям мүнәсибети менен сизлерди және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
Сиз, әзиз ўатанласларыма беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық ҳәм абаданлық тилеймен.
Конституциямыз ҳәм барлық жетискенликлеримиздиң дөретиўшиси болған мәрт ҳәм уллы халқымыз ҳәмийше аман болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти