Басқарма қәнигелери ишки туризмди раӯажландырыӯ бойынша Самарқанд тәжирийбесин үйренбекте

33

Мәмлекетимизде ишки туризмди және де раўажландырыў, сондай-ақ, туризм бағдарында жумыс алып барып атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, қәнигелердиң туризм тараўындағы тәжирийбелерин арттырыӯ мақсетинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бир қатар қәнигелери ушын Басқарманың кәсиплик аўқамы басламасы менен Самарқанд ўәлаятына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат даўамында олар ӯәлаяттың туризм инфраструктурасын, ишки туризм хызметлерин ҳәм имканиятларын, туризм тараӯында жумыс алып барыӯшы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуӯатлаӯ бойынша тәжирийбе алмасып, Қарақалпақстанда да усы тараӯды раӯажландырыӯ бойынша бир қатар мағлыўматларға ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги