Өзбекстан СИМ басшысы Австрия ишки ислер министри менен ушырасты

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Австрия ишки ислер министри Герхард Карнер менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында мәмлекетимиздиӊ СИМ баспасөз хызмети хабар берди.
Сөйлесиўлер ўақтында қәўипсизлик, миграция, терроризмге қарсы гүресиў ҳәм өз-ара пайдалы болған басқа да бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында мәлимлеме алмасыўы ҳәм институционаллық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
– Мәлимлеме алмасыўды күшейтиў, институционаллық шерикликти жеделлестириў, турақлылықты тәмийинлеў ҳәм пуқараларымыздың қәўипсизлигин қорғаўға қаратылған биргеликтеги басламаларды ислеп шығыў әҳмийетли екенлигин атап өттик, – деп жазды министримиз өзиниң социаллық тармағында.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм белгиленген бағдарларда әмелий жойбарларды алға қойыўға таяр екенин тастыйықлады.
А.Алимова, ӨзА