Сенатор Азия парламент ассамблеясы мәжилисинде қатнасты

9

Усы жылдың 4-5-декабрь күнлери Иран Ислам Республикасының Машҳад қаласында Азия парламент ассамблеясының мәжилисинде Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң ағзасы Маҳмуджон Тоиров қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстанның регион мәмлекетлери менен бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў, парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, аймақлараралық бирге ислесиўди ҳәм жергиликли Кеңеслер арасында өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Илажда Азия парламентлик ассамблеясының усы жылдағы жумысы талланып, келеси илажлар режеси белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги