Formula 1 жулдызлары Ташкентке келеди
62

12-декабрь күни Ташкент қаласы Халықаралық Автомобиль Федерациясы (FIA) Бас Ассамблеясы ҳәм FIA Awards салтанатлы сыйлықлаў мәресимине басшылық етеди. Әҳмийетлиси, бул тарийхый илаж Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилмекте.
FIA автоспортты тәртипке салыўшы ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаўшы жетекши халықаралық шөлкем болып табылады. Ташкентте өтетуғын илажларда 100 ден аслам мәмлекет ўәкиллери қатнасып, онда глобаллық автоспорт сиясаты ҳәм бир қатар мәселелери додаланады.
FIA Awards мәресиминде болса Formula 1, WRC, WEC, Formula E сыяқлы жөнелислердеги ең жақсы пилотлар ҳәм командалар сыйлықланады. Бул илажда дүньяның ең белгили жулдыз пилотлары ҳүрметли мийман сыпатында қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги