“Өзбекстан – Шанхай бирге ислесиў шөлкеми” саўда ҳәм санаат зонасы шөлкемлестириледи

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.
Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери санаат зонасына қосып берилген 1 мың гектарда кеминде 4 миллиард долларлық жойбарларды баслаўы әҳмийетли екени көрсетип өтилди.
Оның ушын жойбарлардың нәтийжелилигин есап-санақ етип, инвесторларға таныстырыў ушын Сырдәрья, Боёвут, Гүлистан, Мырзабад, Ақалтын, Ховос районлары, Янгиер, Гүлистан, Ширин қалаларының ҳәкимлеринен ибарат делегацияны Қытайға жибериў тапсырылды.
Онда қурылыс материаллары бойынша Қытайдың Сзянсу, Шандун ҳәм Гуандун провинциялары, химия санаатында Тянсзин қаласы, электротехникада Фусзян, Гонконг, жеңил санаатта Шандун ҳәм Синцзян, фармацевтикада Шанхай, Сзянси аймақлары менен тиккелей бирге ислесиўди орнатыў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, Қытайдың Синдао қаласында “Қытай-Шанхай бирге ислесиў шөлкеми” арнаўлы экономикалық пилот зонасындағы жеңилликлер, оларды қолланыў механизмлери, әмелге асырылып атырған жойбарларды пуқта үйренип, Гүлистан қаласында кеминде 5 мың жумыс орнына ийе “Өзбекстан-Шанхай бирге ислесиў шөлкеми” саўда ҳәм санаат зонасын шөлкемлестириў тапсырылды.
Бул жердеги объектлер таяр жойбар сыпатында исбилерменлерге санаат ипотекасы ямаса лизинг тийкарында бериледи.
Гонконг арнаўлы ҳәкимшилик районы да оғада үлкен инвестициялық ҳәм финанслық имканиятларға ие екени атап өтилип, жуўапкерлерге Гонконгтағы ири компанияларды Сырдәрьяға мирәт етиў ҳәм инвестициялық форумды өткериў, Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Гонконг арасында бирге ислесиў байланысларын орнатыў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
ӨзА