Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы шеңберинде кеңейтилген мәжилиси өткерилди

8

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигинде Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы шеңберинде министрлик хызметкерлери ушын видеоконференция түринде гезектеги  мәжилис шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Коррупцияға қарсы гүресиў бөлими баслығы Б.Матмуратов, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы А.Қыдырниязов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаевлар қатнасты.

Мәжилис даўамында коррупцияның унамсыз ақыбетлери, оның алдын алыўда мәмлекетлик хызметкерлердиң жуўапкершилиги ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша әҳмийетли бағдарлар ҳәр тәреплеме додаланды.

Илажда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм алдын алыў,  профилактикалық илажларды күшейтиў ҳәм хызметкерлердиң  жумыс барысында  нызамшылық талапларына сөзсиз әмел етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги